АРҚА АЙМАҚ ТУРҒЫНЛАРЫ УШЫН КЕҢ ИМКАНИЯТ
Президентимиздиң усы жыл 30-майдағы «Қарақалпақстан Республикасының арқа районларында исбилерменликти раўажландырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарары аўыл хожалығын ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматын арттырыў, қолайлы агробизнес орталығын жаратыўда айрықша әҳмийетке ийе болды.
Бул болса исбилерменлердиң хызмет түрлерин кеңейиўине, ушырасып атырған ҳәр қандай машқалаларды сапластырыўына хызмет етпекте.Биз олардың айырымлары менен ушырасып, пикирлери менен ортақластық.
Палзада Салиева — Кегейли районындағы «Арзыў» фермер хожалығының баслығы, «Жыл ҳаялы» таңлаўының гран-при жеңимпазы:
— Елимизде соңғы жыллары исбилерменлик ҳәм фермерлик пенен шуғылланып киятырған ҳаял-қызлардың саны артып бармақта. 1994-жылдан берли фермерлик пенен шуғылланып киятырман. Хожалығымызда улыўма жер майданы 602 гектарды қурап, 31 адам турақлы жумыс орны менен тәмийинленген.
Соңғы еки жылда мәмлекетке 235 тонна пахта тапсырып, өнимдарлықты 33 центнерге жеткердик. 50гектар майдандағы бийдайдан да шәртнамалы режени артығы менен орынлап киятырмыз.
Буның менен шекленип қалмастан 30 бас қарамал, 60 бастан зыят қой-ешки ҳәм таўық бағылмақта. Аймағымызда 1 гектар майданда «Аналар бағы»н шөлкемлестирдик. Пахташылық ҳәм ғәллешиликтиң өзинен жылды 430 миллион сум сап пайда менен жуўмақладық. Мениң мийнетлерим унамлы баҳаланып, «Жыл ҳаялы» таңлаўының гран-при жеңимпазы деп тапты ҳәм Президентимиздиң сыйлығы «Жентра» автомашинасы менен сыйлықландым.
Бүгинги күни пал ҳәррешиликти жолға қоймақшыман. Бунда Президентимиздиң жоқарыда атап өтилген қарары бизлерге айрықша имканият есигин ашады. Қарарда атап өтилгениндей, арқа районлардан дизимнен өтип, усы жер майданларында жумыс алып баратуғын аўыл хожалығына қәнигелескен исбилерменлик субъектлерине (буған кластерлер кирмейди) бул жумыстан алынатуғын дәраматы бойынша айланыстан алынатуғын салық, сондай-ақ, усы районлардағы аўыл хожалығы өнимин жетистириў ҳәм сақлаў мақсетинде пайдаланылатуғын жер участкалары ҳәм мүлк бойынша юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы ҳәм юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салық ставкалары 50 процентке азайтылмақта.
Улбосын Аннабаева —Тахтакөпир районындағы «Рано шебер» көп тармақлы жеке меншик кәрханасының баслығы:
— Республикамыздың арқа районларында исбилерменлик пенен шуғылланыў өзине тән машақатлы болып табылады. Усы көзқарастан қарағанда Президентимиздиң қарары бул аймақта исбилерменлик пенен шуғылланыўшыларға айрықша жеңилликлер жаратып береди.
Кәрханамыз тийкарынан тигиўшилик пенен шуғылланады. 2012-жылы «Микрокредитбанк»тиң Шымбай районы филиалынан 39,5 миллион сум жеңилликли кредит алып, заманагөй 12 тигиў машинасын алдық.
2017-жылы болса Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң грант жойбары тийкарында түйениң жүнинен көрпеше ислейтуғын үскенеге ийе болдық. Түйениң сүтинен басқа оның жүнинен исленген өнимлер де инсан саламатлығы ушын пайдалы болып табылады. Соның ушын да өнимлеримизге талап артып бармақта.
Президентимиздиң қарарында белгиленген жеңилликлерден пайдаланған ҳалда кәрханамызды еле де кеңейтиўди нийет етип отырмыз. Түйениң жүнин жуўатуғын үскене сатып алып, өнимлеримизди ишки базарда сатып қалмастан, оны экспортқа шығарыў режелестирилмекте.
Сәўбетлескен:
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.