ҚАНША МАЙДАНҒА РЕЖЕДЕН АРТЫҚ САЛЫ ЕГИЛГЕН!
Суўдың там-тарыслығы себепли аўыл хожалығында егислик майданларды суўғарыўда суўды үнемлеп жумсаў күнниң ең әҳмийетли мәселелериниң бири сыпатында қаралмақта.
Онда суўды ҳәм электр энергиясын үнемлеўши заманагөй технологиялардан пайдаланыў бойынша да бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Деген менен, усындай жағдайда да суўды көп талап ететуғын салы егинин нызамсыз ямаса артықша егип, суўдың ысырапкершилигине жол қойып атырған жағдайлар да ушыраспақта. Усының нәтийжесинде лимит бойынша суўдың белгиленген бөлегин, режедеги басқа атызларға жеткерип бериў қыйынласпақта.
Атап айтатуғын болсақ, халықты азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў мақсетинде 38 мың 500 гектар жерге салы, соннан, 28 мың 500 гектарлық салыны тийкарғы, 10 мың гектарлық салыны тәкирарый майданларға егиў режелестирилген.
— Бүгинги күнде усы тапсырмалардың орынланыўы бойынша тийисли қәнигелер менен бирге өткерилген мониторинг жумысларының нәтийжесинде 32 мың 606 гектар майданға салы егилгени анықланды,-дейди «Өзагроинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы А.Юлдашев.
Соннан, 27 мың 365 гектарлық тийкарғы, 5240 гектарлық тәкирарый майданларға егилген.
680 фермер ҳәм аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен 10 мың 748 гектар майданға режеден артық салы егилгенлиги анықланды. Соннан, 420 фермер хожалығы ҳәм аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен 4969 гектар майданға режесиз салы егилген.
«Өзагроинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен быйыл май айынан берли районларда нызамсыз егилген салы майданларында өткерилген илажлар нәтийжесинде, 581 фермер хожалығында нызамсыз салы егилгени анықланған.
Соннан, 499 фермер хожалықлары ҳәм жуўапкершилиги шекленген жәмийетлери, өзлери тәрепинен нызамсыз егилген 9242 гектарлық салы майданларына 83 миллион 585 мың метр куб суўды өзбасымшалық пенен суўғарыў ушын алғанлығы анықланып, 10 миллиард 344 миллион 834 мың сумлық жәрийма санкциялары қолланылған.
Топланған 499 ис материаллары тийислилиги бойынша көрип шығыў ушын Жынаят ислери бойынша районлық судларға өткерилген.
Сондай-ақ, басқарма тәрепинен өзбасымшалық пенен салы егилген жағдайлар да анықланып, топланған ис материаллары тийислилиги бойынша Жынаят ислери бойынша судларға өткерилди.
Ҳәзирги ўақытта 82 фермер хожалығында кәрханаларды хабардар етиў жолы менен тексериў жумыслары алып барылмақта.
Агроинспекция тәрепинен тексериў жумыслары даўам етпекте.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.