Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:21:02, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СТУДЕНТЛЕРДИҢ ШӘРТНАМА ПУЛЛАРЫ ТӨЛЕП БЕРИЛДИ

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Мәденият сарайында «Жаслар дәптери»не киргизилген жаслардың 3,7 миллиард сумлық шәртнама пулын төлеп берилиўине бағышлан­ған мәресим болып өтти.

Илажда онлайн тәризде қатнасқан Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлигиниң директоры А.Саъдуллаев қатнасыўшыларды 14-сентябрь — «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат ҳаққында»ғы Нызамның қабыл етилген күни менен қутлықлады. Жаслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў, олардың руўхый, интеллектуаллық, физикалық ҳәм ақылый жақтан ержетиўине көмеклесиў, жаслардың &атанды сүйиўшилик, пуқаралық туйғысы, кеңпейиллик, нызамларға, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўда бул Нызам айрықша әҳмийетке ийе.

Илажда Жаслар ислери агентлиги директорының орынбасары Ф.Аблая­ров, агентликтиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы П.Мақсетбаев шығып сөйлеп, жаслардың социаллық-экономикалық маш­қалаларын үйрениў ҳәм оларды шешиў  бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти. Нөкис қаласының өзинде «Жаслар дәптери»не киргизилген жаслардың мобилизациялық шақырыў резервиндеги хызмети төлеми, айдаўшыларды таярлаў оқыў курсының қәрежетлери агентлик қаржылары есабынан төлеп берилген болса, бир топар жаслар өзин-өзи бәнт етиў мақсетинде субсидия тийкарында әсбап-үскенелер менен тәмийинленди.

Илаж соңында 833 жастың 3,7 миллиард сумлық шәртнама пулы төлеп берилгенлиги ҳаққындағы ваучер салтанатлы жағдайда тапсырылды.

— Бүгин мениң де шәртнама пулымның 50 проценти Жаслар ислери агентлиги қаржысы есабынан төлеп берилди,-дейди Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти Алтынай Қошқарбаева. — Буның ушын Президентимизге студент жаслар атынан миннетдаршылық билдиремен...

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF