Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:31:42, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨЗБЕКСТАНДА ЕКИНШИ

Бүгинги илимий-техникалық өсиўшиликтиң мисли көрилмеген дәрежеде раўажланыў жолына түсиўи транспорт қуралларының көбейиўине алып келди.

Адамлардың емин-еркин жүрип-турыўына тосқынлықлар еткенликтен өмирлерин қәўип астына қоймаў ушын жол ҳәрекети қағыйдаларына айрықша итибар берип, саналы, саўатлылық пенен қатнас жасаўына алып келмекте. Соның ушын, ҳәр биримиз, мектеп оқыўшылары менен балалар бақшаларының тәрбияланыўшылары жол ҳәрекети қәўипсизлиги қағыйдаларын толық меңгерип алыўымыз талап етиледи. Мектеплерде бурынлары баслаўыш классларда жол ҳәрекети қәўипсизлиги сабақ ретинде қәнигелер тәрепинен оқытылса, соңғылықта класс саатларына қосып жиберилди.

«Бозаўыл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында, Әмиўдәрьяның ғырра жағасында жайласқан 43-санлы улыўма билим беретуғын мектебимиз әтирапында жол транспортлары — автомобильлердиң ҳәрекетлениўи аз болғаны менен темир жол кесип өткенликтен еки бағдарда  жумыс ислеўимизге туўра келеди. Мектебимизде көп жыллардан берли «Жасыл шырақ» дөгереги турақлы жумыс ислеп, ҳәр ҳәптениң жума сәнеси «Жол ҳәрекети қәўипсизлиги күни» деп белгиленген. оқыў-тәрбия  жумысларымызды талап дәрежесинде алып бар­ғанымыз себепли соңғы жыллары бир де кеўилсиз ўақыялар жүз бермеди. Бы­йылғы жылы да әўметимиз келип, бир қанша жетискенликлерге еристик. 2016-жылы командамыз төртинши басқышта Наўайы ўәлая­тында «Ең жақсы қатнасыўшы» номинациясын жеңип алған болса, 2017-жылы Бухарада бириншиликти қолға киргиздик. Усы жылдың 22-23-июль күнлери Ташкент ўәлаятының «Ақташ» балаларды саўалландырыў орайында өткерилген жарыста екинши орынды ийелеп қайттық. он үш этаптан ибарат болған жарыс шәртлерине муўапық, пуқта таярлықлар көриўде мектеп директорының руўхый-ағартыў ислери бойынша орынбасары А.Файзымова, Республикалық жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы инспекторларынан Э.Қудайназаров, Д.Елмуратовлар топар ағзалары менен тил табыса ислескенлиги нәтийжесинде мийнетлери босқа кетпеди.

Команда ағзаларынан Р.Өскинбаев, Ж.Жалғасбаев, И.Реимбаев, Қ.Зийнатдинов, Р.Дәўлетбаева ҳәм Р.Бийдешовлар өзлериниң ийелеген теориялық ҳәм тәжирийбелерине қоса шаққан, епшил, тапқырлығын иске салып, алып барған көргизбели қураллары төрешилер тәрепинен жоқары баҳаланып, диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Мектебимизде жол ҳәрекети қағыйдаларын үйрениўге қызығыўшылардың саны жылдан-жылға көбейгени тынымсыз мийнетлеримиздиң жемиси саналады.

 

К.ҚУТЛЫМУРАТОВ,

Нөкис қалалық билимлендириў бөлимине қараслы 43-санлы мектептиң психолог-әме­лиятшысы.

СҮЎРЕТТЕ: жарыс жеңимпазы болған команда ағзалары устазлары арасында.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF