ЖАЛҒАСБАЙ ЖӘҲӘН ЧЕМПИОНАТЫНЫҢ ГҮМИС МЕДАЛЫ ИЙЕСИ
Сербия пайтахты Белград қаласында спорт гүреслери бойынша жәҳән чемпионаты болып өтти.
Онда грек-рим гүреси бойынша жәҳән чемпионатында Өзбекстан сайланды командасы ағзасы Жасурбек Ортиқбоев қола медалын қолға киргизген болса, 82 кг салмақта беллесиўлерге түскен республикамыз ўәкили Жалғасбай Бердимуратов жәҳән чемпионатының финалына шекем жетип келди.
Токио олимпиадасы қатнасыўшысы, Ислам тилеклеслиги ойынларының жеңимпазы финальлық беллесиўде түркиялы Бурхан Акбудак пенен кескин гүрес алып барып, 29нда 6:7 есабында жеңилип қалды.
Әдилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.