Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:04:15, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АЛЛАНИЯЗ ҚАҲАРМАН ЕЛАТЫНДА ДА АБАДАНЛАСТЫРЫЎ ЖУМЫСЛАРЫ БАСЛАНБАҚТА

Өткен әсирдиң 70-жылларынан берли Нөкис қаласының бурынғы арқа автовокзалынан Нөкис районы аймағына шекем созылған елатлы пункт бүгинги күнге келип толысып, жаңа көшелер қосылып үлкен елатқа айланды.

Ҳәзирги ўақытта, усы аймақ бир неше мәкан пуқаралар жыйынына бөлинген болып, олардың бири Өзбекстан қаҳарманы, белгили инсан Алланияз Өтениязовтың аты менен аталады.

— Аймағымызда 1060 шаңарақта, жәми 5725 адам жасайды,-дейди МПЖ баслығы Бахтияр Сапарымбетов. — Солардан, «Темир дәптер»ге 3 шаңарақ, 3-басқыш «Ҳаял-қызлар дәптери»не 63 ҳаял-қыз ҳәм «Жаслар дәптери»не 40 жас киргизилди. 

Быйыл «Сақаўат ҳәм көмек» фондынан емлениўи ушын «Темир дәп­тер»ге киргизилген «Сақаўатлы инсан»  көшесинде жасаўшы А.Ҳабибуллаевқа 2 миллион сумлық, «Алланияз Қаҳарман» көшесинде жасаўшы Ю.Пиржановқа 1 миллион сумлық, «Дуўтаршы» көшесинде жасаўшы А.Қудайназароваға 2 миллион сумлық қаржылай жәрдем көрсетилди.

 «Ҳаял-қызлар дәптери» дизиминиң 1-критериясына 32 ҳаял-қыз  жумыссызлық дизимине киргизилген болып, солардан 10 ҳаял-қыз май айынан баслап ўақтынша жәмийетлик жумыс пенен тәми­йинленди. 3 ҳаял-қызға ҳәким жәрдемшисиниң көмеги менен өзин-өзи бәнт етиў бойынша жеңиллетилген кредит алып берилди.

Бағыўшысын жоғалтқан 10 ҳаял-қызға 1 миллион 80 мың сумлық бир мәртелик жәрдем пул пластик карталарына салып берилди. Сондай-ақ, ма­йыплығы болған 5 ҳаял-қызға «Ҳаял-қызлар фонды» тәрепинен 1 миллион 200 мың сумлық бир мәртелик жәрдем алыў ушын усыныс берилди.

  30-август күни 8-санлы мектепте ғәрезсизлигимиздиң 31 жыллығы мүнәсибети менен «Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз!» сүрени астында байрам кешеси өткерилди. Кешеде мийнет ҳәм азық-аўқат ярмаркалары шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, кем тәмийинленген ҳәм «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген 10 шаңарақтың  перзентлерине кийим-кеншек ҳәм оқыў қураллары алып берилди. Аймағымыздың жасы үлкенлерине шапан ҳәм орамаллар жабылып,  пәтиялары  алынды. Байрамды жас ҳәм ғарры теңдей  кеўилли өткерди.   

1-сентябрь күни аймағымызда Хожели районы исбилерменлери тәрепинен байрам  ярмаркасы шөлкемлестирилип, азық-аўқат өнимлеринен ун, май, гөш өнимлери арзан баҳаларда сатылып, ярмарка жанында байрам концерти шөлкемлестирилди.

Президентимиздиң басламасы менен қаламыздағы «Шымбай гүзары» МПЖ аймағында алып барылған нәтийжели жумыслар үлгисинде 7 ең аўыр мәҳәллелер («Қоскөл», «Қум аўыл», «Боз аўыл», «Қызыл қум», «Қутлы мәкан», «Телеорай», «Жеке терек» МПЖлар) таңлап алынып, бул аймақларда быйыл 1-сентябрьге шекем қурылыс-абаданластырыў, ишки жоллардың насазлығын сапластырыў, пиядалар жолы, түнги жақтыландырыў шырақларын жаңалаў, газ, ишимлик суўы, канализация тармақларын тартыў, жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы «Абат мәҳәлле»ге айландырыў мақсет етип алынған еди. Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта қаламызда шараяты аўыр бол­ған қосымша бир неше мәҳәлледе «Аўыр аймақ» бағдарламасы бойынша қурылыс-абадан­ластырыў жумыслары әмелге асырылмақта.

Бүгинги күнге келип абаданластырыў жумыслары қаладағы дерлик барлық мәкан пуқаралар жы­йынларында алып барылмақта. Жоллар оңланып, әтирап тазаланбақта. Пуқаралардың мүрәжатларынан келип шығып, суў, газ, электр энергиясы, медициналық хызмет сыяқлы бир қатар инфраструктуралық машқалалары шешилмекте.

Нәўбет «Алланияз Қаҳарман» мәкан пуқаралар жыйынына да келди. МПЖ ның майданы 2,1 квадрат километр. Онда жәми 29 километрлик 29 көше бар. Соның 26 сы ишки жоллар болып есапланады. МПЖға 30 километрлик (100 процент) газ тармағы, 25 километрлик суў (97 процент)  тармағы тартылған. Соның менен бирге, МПЖ да 12 гектарлық бағ, 17 гектарлық қыйтақ жер де бар.

— Бизиң аймақ та аўыр аймаққа киргизилип, бул жердеги әмелге асырылыўы белгиленип алынған жумысларды шөлкемлестириў бо­йынша қызғын жумыслар алып барылмақта,-дейди Б.Сапарымбетов. — Күни кеше ти­йисли тараўлардан ўәкиллер келип, өзлери бекитилген көшелер менен таныс­ты. Олар бул жерлерде үйме-үй кирип, пуқаралар менен ушырасып, олардың мүрәжатларын тыңлап, аймақта тийисли мәселелер бойынша үйрениў жумысларын алып барады. Тийисли тараўлар арқалы машқала­ларға шешим табыўға жәрдем береди.

МПЖ тәрепинен де аймақты абаданластырыў, инфраструктурасын жақсылаў бағдарында бир қатар усыныслар берилди.

Мәселен, мәҳәллемизде 400 ден аслам 3-7 жастағы нәрестелер бар. Аймақта мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине балаларды қамтыў жеткиликли емес. Сонлықтан, 500 орынлық қосымша МШБШ имаратын қурыў усыныс етилген. Ақаба суў тәмийнатын жақсылаў мақсетинде «Дослық» каналына орнатылған 37 киловатлық насосты 110 киловатлық насос­қа алмастырыў зәрүр. «Ерназар Алакөз» көшесиниң бойына 3 километрлик пиядалар  жолын қурыў керек.

Сондай-ақ, мәҳәлле имараты, шыпакерлик пункти қурылыўы керек. «Қаҳарман», «Сақаўатлы инсан», «Кәраматлы» ҳәм «Бахытлы ел» көшелерин асфальтлаў зәрүр.

Сонлықтан, 4 көшеге, жәми 4,3 километрлик асфальт, 21 көшеге, жәми 12,1 километрлик шағыл тас қум араласпасы төселеди. Ал, 5 көшеге, жәми 2,8 километрлик газ тармағы, 3 көшеге, жәми 800 метрлик суў тармағы, 1 көшеге 600 метрлик электр тармағы тартылып, 19 көшеге, жәми 74 дана электр тармағының бағанасы, 23 көшеге 355 дана жақтыландырыў шырақлары, 6 көшеге 16 дана қудық қақпалары орнатылады.

Дүзилген топарлар тәрепинен үйрениў жумыслары даўамында пуқаралардың мүрәжатларынан келип шығып топланған мәселелер бойынша да ти­йисли илажлар алып барылады.

Әлбетте, Президентимиздиң басламасы менен бир қатар мәҳәллелерде әмелге асырылып атыр­ған бундай илажлар, инсан қәдири ушын, халықтың жақсы турмыста жасаўы ушын хызмет етпекте.

Мәҳәллемизде ислениўи белгиленген режелеримиз толық әмелге асса, бизиң аймағымызда да танып болмас дәрежедеги унамлы өзгерислер болады. 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF