ФИЛИАЛ БӨЛИМГЕ АЙЛАНДЫ
Нөкис қаласында жайласқан Академик В.Воҳидов атындағы Республикалық қәнигелестирилген хирургия илимий-әмелий медицина орайының Нөкис филиалы жаңадан Нөкис қалалық медицина бирлеспесине қараслы паллиатив жәрдем көрсетиў (Хоспис) ҳәм хирургия бөлими болып шөлкемлестирилди.
Кеше жаңадан шөлкемлестирилген усы бөлимниң ашылыў мәресими болып өтти.
Ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жаңа бөлимде қайтадан жумыс баслап атырған тараў хызметкерлерин қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 7-июльдеги «Қарақалпақстан Республикасында 2022-2024-жылларда халықтың саламатлығын қорғаўды және де күшейтиў ҳаққында»ғы қарарында көрсетилген илажлар басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта.
Елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, соның ишинде, медицина тараўындағы ҳәр бир жаңаланыў инсан қәдири ушын бағдарланған.
Бул жерде жумыс ислеп атырған барлық шыпакерлер үлкен тәжирийбеге ийе. Бул жерге тек республикамыздан емес, ал, қоңсылас ўәлаятлардан, ҳәттеки қоңсылас еллерден де келип, емленип шыпа таўып атырғанлар көп.
Илажда қатнасыўшылар бөлимде әмелге асырылған жаңаланыўлар менен танысып, халыққа медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын және де күшейтиў бойынша пикир-усынысларын билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.