АЎЫЗБИРШИЛИКЛИ ШАҢАРАҚ — БАХЫТ ОШАҒЫ
Жәмийетте жасаўшы ҳәр бир инсанның өмиринде шаңарақтың орнын ҳеш нәрсе менен алмастырып болмайды. Сонлықтан да инсанның өмириниң мазмуны бахытлы, беккем шаңарақ қурыўдан ибарат.
Жәмийетимиз турмысында шаңарақлық ажырасыўлар ушырасып турады. Шаңарақлық ажырасыўлар мәселеси бүгин ямаса кешениң гәпи емес. Буның келип шығыўы тийкарынан жаслардың өз-ара келиспеўшилиги себепли жүзеге келип атырғаны көпшиликке сыр емес. Ал, шаңарақ, деп аталатуғын қорғанның беккемлиги ушын исеним ҳәм сабыр-тақатлылық оғада керек. Бунысыз беккем шаңарақ қурыўдың илажы жоқ.
Сондай-ақ, шаңарақтың бузылыўында көбинесе жақын әтираптағылар билип-билмей «үлес» қосқанын өзлери де сезбей қалады. Айырым ажырасып кетиў алдында турған жас шаңарақларға ашынып кетесең. Бир-бирине кеўил қойып, бир өмир бахытлы турмыс кешириўге ант ишкен жаслар көпшиликтиң ҳәўесин келтирерлик дәрежеде жасап атырса да, арадан көп өтпей, ажырасып атырғанын көрип, неге бундай болды, деген ойға барасаң. Ортадағы муҳаббаттың, меҳир-мүриўбеттиң жемирилиўине шаңарақтағы майда-шүйде гәп-сөзлер себеп болады. Ҳеш ким шаңарақ түўе қустың уясын бузыўды да қәлемейди. Бирақ, ойланбай сөйлеген сөз, келинди кемситиўлер, үшинши адамның айтқан өсек гәплери де унамсыз жағдайға алып келеди. Бәринен бетери, ҳеш нәрсеге түсинбей, ата-анасына көзлери мөлерип, жалтақлап қараған нәрестелердиң тәғдири адамда аяныш оятады. Лекин, ҳақыйқатын айтқанда, қайсы шаңарақта тыныш-татыўлық, қаншама машқалалар, жетпесинлик пайда болғанына қарамастан, шаңарақтың үстини беккем болса, әлбетте, бул жерде перзентлер нәўқыран болып ержетеди.
Негизинде бир шаңарақтың бузылыўы жәмийеттиң раўажланыўына унамсыз тәсирин тийгизип, машқалаға айланатуғынлығын терең аңлап жетиўимиз тийис. Бул ҳаққында жас шаңарақларға үгит-нәсият жүргизип түсиндирип барсақ, пайдасы тийетуғынлығы анық.
К.ИСМАЙЛОВА,
Нөкис қаласы ПҲАЖ бөлиминиң инспекторы.