ИСБИЛЕРМЕНЛИК СУБЪЕКТЛЕРИНЕ САЯХАТ
ӨзЛиДеП Елликқала районлық Кеңеси тәрепинен жасларды исбилерменликке тартыў, жас исбилерменлердиң қатарын кеңейтиў, өз исбилерменлик жумысын баслап, бүгинги күнде жақсы нәтийжелерге ерисип атырған исбилерменлердиң жумысы менен таныстырыў мақсетинде «Бостан оптимал» ЖШЖне район жасларының саяхаты шөлкемлестирилди.
Бул жерде кәрхана басшысы Ж.Жаббаров жасларға өз жумысларын баслаўда көбирек нелерге итибар қаратыў керек екенлигин атап өтип, бизнес жойбар, кредит алыў ҳәм базарды үйрениў бойынша өз тәжирийбелеринен келип шығып, мәсләҳәтлери менен усынысларын билдирди.
Жасларға өз алдына қойған мақсетлерине жетиў жолындағы қыйыншылықлардан қорықпай, алға ҳәрекет етиўи кереклиги атап өтилди.
Атап өтилгениндей, жасларды жумыс пенен тәмийинлеўде олардың экономикалық еркинликке ерисиўи ҳәм турмыста өз жолын табыўында киши бизнес ҳәм исбилерменлик тараўының раўажланыўы ең тийкарғы фактор ҳәм дерек болып хызмет етеди.
Соның ишинде, аз қәрежет талап ететуғын, тез модернизацияланатуғын ҳәм базар конюктурасының өзгериўшең талапларына жақсы бейимлесе алатуғын бизнес жүргизиў заман талабына айланды, десек қәтелеспеген боламыз.
Саяхат даўамында жаслар кәрханада ислеп шығарылып атырған өнимлердиң сапасы, қарыйдар ушын қолайлығы, жумысшыларға жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.
Ушырасыўда жаслар исбилерменлик тараўына байланыслы өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.