ПАРТИЯНЫҢ ГЕЗЕКТЕГИ ПЛЕНУМЫ
Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң гезектеги пленумы болып өтти.
Оған ӨзМТДП Орайлық Кеңесиниң ўәкиллери, депутатлар, партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң ағзалары, район(қала)лық шөлкемлердиң басшылары қатнасты.
Пленумда партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы Т.Романов ҳәм басқалар өткен дәўирде әмелге асырған жумысларға кеңнен тоқтап өтип, партияның сайлаўалды платформасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы, биринши ярым жыллықта әмелге асырылған жумыслар, партияның бағдарламалық мақсет ҳәм ўазыйпаларын жүзеге шығарыў, алдағы ўазыйпалар додаланды.
Атап өтилгениндей, бүгинги күнде партияның Қарақалпақстан Республикасы бойынша басланғыш партия шөлкемлериниң саны 637, ағзалары болса 23 мыңға жетти.
Бүгинги күнде партиядан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде 15, Халық депутатлары жергиликли Кеңеслеринде 91 депутат жумыс алып бармақта.
Есап бериў дәўиринде электорат мәплерин қорғаў мақсетинде Жоқарғы Кеңестеги партия фракциясы ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслериндеги депутатлық топар ағзалары тәрепинен жәми 228 депутатлық сораў әмелге асырылды.
Депутатлық топарлар ҳәм депутатлардың басламасы менен 14 лаўазымлы адамның есабы тыңланды. Электорат мәплерине байланыслы 22 усыныс халық депутатлары жергиликли Кеңеслериндеги турақлы комиссияларының мәжилислерине киргизилди. Сондай-ақ, 19 баслама-мәселе сессиялардың күн тәртибине киргизилип, қарар қабыл етилиўине ерисилди.
Партияның «Ҳаял-қызлар қанаты», «Жаслар қанаты» тәрепинен депутатлар менен биргеликте «Үйме-үй» жойбары тийкарында 1500 ге шамалас шаңарақтан хабар алынып, жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың машқалалары үйренилди. Анықланған машқалаларды шешиў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылып, 141 ҳаял-қыз ҳәм жаслар жумыс пенен тәмийинленип, 80 ҳаял-қыз ҳәм жасларға жеңиллетилген кредитлер алып берилди. Ал, «Хызмет — бийминнет» жойбары шеңберинде партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм жергиликли Кеңеслер тәрепинен жылдың ең жақсы пән муғаллимлери, тәжирийбели өнерментлер менен биргеликте 43 бийпул оқыў курслары шөлкемлестирилип, оларда мәҳәллелердеги жәмлеспеген, кем тәмийинленген ҳәм жумыссыз болған, жәми 322 ҳаял-қыз ҳәм жасларға кәсипке таярлаў, билим алыў, өнерментшиликке оқытыў бойынша бийпул билим берилмекте.
Сондай-ақ, пленумда айырым депутатлардың жумыслары сынға алынып, пикир-усыныслар билдирилди.
Пленумда партияның район(қала)лық Кеңеслери басшыларының есабатлары тыңланды.
Партияның Орайлық Кеңеси баслығының биринши орынбасары Б.Маматхонов шығып сөйлеп, партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, район(қала)лық Кеңеслериниң өткен дәўирдеги жумысларын баҳалап, пикир-усынысларын билдирди.
Пленумда додаланған мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.