Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:57:59, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПӘРМАН ХАЛЫҚТЫҢ АБАДАН ТУРМЫСЫ УШЫН ХЫЗМЕТ ЕТЕДИ

Усы жыл 26-август күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңесиниң гезексиз отыз төртинши сессиясында Президентимиз Ш.Мирзиёев Жоқар­ғы Кеңес Баслығы А.Орынбаевтың аймақтағы машқалаларды шешиў ҳәм аймақты раўажландырыў, исбилерменликти, аграр тараўды ҳәм инфраструктураны раўажландырыў, санаат жойбарларын көбейтиў, халықты социаллық қорғаў, билимлендириў ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша усынысларын мақуллап, оларды әмелге асырыў тек ғана Қарақалпақстан ушын пайда салығы, айланба салық, мүлк ҳәм жер салығы ставкаларын 2 есеге қысқартыўға көрсетпе берген еди.

Пахта ҳәм ғәлле майданларын қысқартып, ҳәр бир шаңараққа 2 гектардан жер ажыратыў, Нөкис қаласында санаат технопарки ҳәм районларда исбилерменлик зоналарын шөл­кемлестириў, жолларды оңлаў, электр, газ ҳәм суў тәмийнатын жақсылаў бойынша ўазыйпалар да тапсырылды.

Усы бағдардағы илажлардың даўамы сыпатында Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, иннова­циялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилди.

Пәрманға тийкар, Қарақалпақстан Республикасының барлық районларында жайласқан ҳәм усы аймақта жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлери ушын 2023-жыл 1-январьдан баслап, 2028-жылдың 1-январына шекем пайда салығы, айланыстан алынатуғын салық, юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салық ҳәм юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы бойынша салық ставкалары 50 процентке азай­тыл­ған ҳалда социаллық салық азайтылып, 1 процент муғдарындағы салық ставкасында, жеке тәртиптеги исбилерменлер тәрепинен төленип атырған социаллық салық қалалар аймағында жумыс алып барып атырғанлар ушын 12 есеге, районлар аймағында жумыс алып барып атырғанлар ушын 6 есеге азайтылып, жылына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында белгиленди.

Бунда ири салық төлеўшилер, турақлы мәкемелер, бюджет шөлкемлери ҳәм мәмлекетлик кәрханалар, устав қоры(капиталы)нда мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан көбирек муғдарда болған юридикалық тәреплерге усы пәрманда белгиленип атырған жеңилликлер енгизилмейди.

Берилип атырған салық жеңилликлериниң нәтийжесинде, исбилерменлик субъектлеринде салық жүги еки есеге азайыўы күтилип, Республика бойынша 18 731 исбилерменлик субъектлеринде 287,0 миллиард сум қаржы кәрханалардың ықтыярында қалыўы күтилмекте.

Салық түрлери кесиминде алып қарағанымызда, пайда салығының ставкасын 15 процент­тен 7,5 процентке азайтыў нәтийжесинде 2 719 исбилерменлик субъектинде жыллық 77,8 мил­лиард сум қаржылар кәрханалардың есабында қалыўы күтилмекте. Мәселен, кәрхананың бир жыл даўамында әмелге асырған реализациясы 40 миллиард сум, товар шийки өними ушын қәрежет 31 миллиард сум, мийнет ҳақы фонды ушын 5 миллиард сум, социаллық салық 0,6 миллиард сум болып, жәми товардың өзине түсер баҳасы 36,6 миллиард сумды қурайды, дейик. Пайда салығының базасы 3,3 миллиард сумды (40-36,6 млрд.) қурап, әмелдеги ставка бойынша (3,45х15 процент) 510 мил­лион сум пайда салығы есап­ланған болса, берилген жеңиллик нәтийжесинде, (3,45х7,5 процент) 250 миллион сум кәрхана ықтыярында қалады.

Нөкис қаласы аймағында айланыстан алынатуғын салық ставкасының 4 проценттен 2 процентке түсирилиўиниң нәтийжесинде 2 132 исбилерменлик субъектлеринде 12,1 миллиард сум қаржы, районларда жайласқан исбилерменлик субъектлери ушын айланыстан алынатуғын салықлардың ставкасы 2 про­цент­тен 1 процентке түсирилиўи нәтийжесинде 7 034 исбилерменлик субъектлеринде 20,5 миллиард сум қаржы, сондай-ақ, алыс аймақларда жумыс алып баратуғын исбилерменлик субъектлери ушын айланыстан алынатуғын салықлардың ставкасы 1 про­центтен 0,5 процентке түсирилиўи нәтийжесинде 839 исбилерменлик субъектте 2,0 миллиард сум қаржылар кәрханалардың есабында қалыўы күтилмекте.

Мал‑мүлк салығының ставкасын еки есеге азайтыў нәтийжесинде 2 960 исбилерменлик субъектлеринде 24,0 миллиард сум қаржылар кәрхананың ықтыярында қалыўы күтилмекте.

Мәселен, кәрхананың ийелигиндеги қосымша қалдықтың қосымша қуны 900 миллион сумлық мал-мүлки бойынша 1,5 процентлик белгиленген ставкада (900 млн. сум х 1,5 процент) 13,5 миллион сум салық есап­ланған болса, буннан былай (900 млн. сум х 0,75 процент) 6,7 миллион сум салық төлейди.

Жер салығының ставкасын еки есеге азайтыў нәтийжесинде 3047 исбилерменлик субъектлеринде 64,9 миллиард сум қаржылар кәрхананың ықтыярында қалыўы күтилмекте.

Ал, социаллық салықтың ставкасы 12 проценттен 1 процентке азайыўының нәтийжесинде 19 534 исбилерменлик субъектлеринде 85,7 миллиард сум қаржылар кәрханалардың ықтыярында қалыўы күтилмекте.

Жеке тәртиптеги исбилерменлер тәрепинен төленип атыр­ған социаллық салық, қалалар аймағында ҳәрекет етип атыр­ғанлар ушын 12 есеге, районлар аймағында ҳәрекет етип атыр­ғанлар ушын 6 есеге азайтылып, жылына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында белгилениўиниң нәтийжесинде 9 144 исбилерменлик субъектинде 12,8 миллиард сум қаржылар исбилерменниң ықтыярында қалады.

Пәрманның 2-г бәнтинде Мойнақ районындағы исбилерменлик субъектлери ушын нызамшылықтағы салық жеңилликлериниң кеңейтилген дизими қолланылып атырғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилиўи белгилеп қойылған.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021‑жыл 23‑ноябрь күнги «Аралбойы аймағында исбилерменликти жедел раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Пәрманы менен белгиленген жеңилликлер сақлап қалынбақта. Онда Мойнақ районындағы жергиликли санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў тараўындағы исбилерменлик субъектлери ушын пайда салығы, айланыстан алынатуғын салық, социаллық салық, жеке пуқаралардан алынатуғын дәрамат салығы бойынша орнатылған салық ставкалары 1 процент етип белгиленген.

Пәрманның 7-бәнтине тийкарланып, Қарақалпақстан Республикасында халықтың турмыс шараятын және де жақсылаў ҳәм республикадағы социаллық машқалаларды шешиў және аўыр шараятлы аймақларды қоллап-қуўатлаўға бағдарлаў мақсетинде 2022-жылдың 3-шерегинен баслап, 2024-жылдың жуўмағына шекем ҳәр шеректиң жуўмағы менен қосымша қун салығы бо­йынша дәраматлар прогнозының артықша орынланған бөлеги толық Қарақалпақстан Республикасының ықтыярында қалдырылмақта. Нәтийжеде жылына 50,0 миллиард сумнан аслам қаржы Қарақалпақстан Республикасының бюджетинде қалыўы күтилмекте.

Пәрманда Қарақалпақстан Республикасының экономика тармақларында инновациялық процесслердиң жеделлесиўине ерисиў, ресурслардан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм аймақты жедел пәтлерде раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары белгиленди. Аймақтың инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын жақсылаў, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, жер ҳәм суў ресурс­ларынан нәтийжели пайдаланыў арқалы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўди көбейтиў ҳәм қолайлы агробизнес орталығын жаратыў, билимлендириў тараўында қосымша имканиятлар ҳәм инсан капиталының раўажланыўын жаңа басқышқа көтериўге шараят жаратыў бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылыўы нәзерде тутылмақта.

 Қарақалпақстан Республикасында шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңбериндеги жойбарларды қаржыландырыў ушын 2022-жылдың ақырына шекем бағдарлама ушын ажыратылған ресурслардың есабынан қосымша түрде 200 миллиард сум кредит ажыратылыўының тәмийинлениўи де белгиленген.

Бул илажлардан гөзленген баслы мақсет — Қарақалпақстан Республикасының социаллық, экономикалық, соның ишинде, өндирислик ҳәм инвестициялық потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм жоқары қосымша қунға ийе бәсекилес өнимлерди ислеп шығарыўды хошаметлеў, исбилерменлерге көрсетилетуғын финанслық хызметлердиң көлемин кеңейтиў, инфраструктуралық шараятларды жаратып бериў арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм аймақтың экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыўдан ибарат.

 

Тимур ТУРЕЕВ,

Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының

юридикалық тәреплерге хызмет көрсетиў бөлиминиң баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF