БАӘ МЕНЕН БИРГЕЛИКТЕ БАҒДАРЛАМА ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЛАДЫ
Бирлескен Араб Әмирликлериниң Шорланыў шараятында биодийқаншылық халықаралық орайы (ICBA) менен биргеликте республикамыз аймағында аўыл хожалығы тараўын раўажландырыў ушын 5,1 миллион АҚШ долларлық бағдарлама әмелге асырылады.
Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министри Ибраҳим Абдурахманов басшылығындағы делегацияның усы мәмлекетке сапары шеңберинде орай бас директоры Тарифа Ал-Зааби менен ушырасыў ўақтында бул ҳаққында сөз болды. Ушырасыўда бағдарламаны әмелге асырыў мәселелери додаланды. Сондай-ақ, Аралбойы аймағында шорланыў ҳәм суўсызлыққа шыдамлы өсимликлердиң сортларын жетистириў, аўыл хожалығы бойынша биргеликтеги изертлеўлер алып барыў ҳәм оны қаржыландырыў имканиятларын үйренип шығыўға келисип алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.