Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:37:18, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАСЛАРҒА СУБСИДИЯ ТИЙКАРЫНДА ӘСБАП-ҮСКЕНЕЛЕР БЕРИЛДИ

Нөкис қаласындағы Жаслар ора­йында «Жаслар дәптери»не киргизилген жаслардың өзин-өзи бәнт етиўи мақсетинде субсидия тийкарында әсбап-үскенелерди тапсырыў мәресими болды.

Илажға Нөкис қаласындағы секторлардың басшылары, жаслар ҳәм олардың ата-аналары қатнасты.

Жаслар ислери агентлиги директорының орынбасары Ф.Аблаяров, агентликтиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы П.Мақсетбаев ҳәм басқа да шығып сөйлеўшилердиң атап өткениндей, Нөкис қаласы жасларының социаллық-экономикалық машқалаларын, усыныс ҳәм тилеклерин үйрениў, оларды шешиў  бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Нәтийжеде бул бойынша «Нөкис қаласының тәжирийбеси» жаратылды.

Жаслар жетекшилери менен биргеликте 64 мәкан пуқаралар жыйынында үйме-үй хатлаў жумыслары алып барылып, 14-30 жас аралығындағы 74 мың 683 жастың балансы толық қәлиплестирилди. Усы тийкарда анықланған ҳәр он бесинши жумыссыз ҳәм социаллық жәрдемге мүтәж болған 4 мың 820  пуқара 19 көмек түри бойынша  «Жаслар дәптери»ниң электрон платформасына киргизилди.

Буннан тысқары, Нөкис қаласында «Жаслар дәптери»не киргизилгенлерге әмелий жәрдем көрсетиў жумыслары басланып, олардың социаллық-экономикалық машқалаларын шешиў илажлары көрилмекте.  Жаслар ислери агентлиги қаржылары есабынан 311 жас­тың мобилизациялық шақырыў резервиндеги хызмети төлеми, 176 жастың айдаўшыларды таярлаў оқыў курсының қәрежетлери ушын жәми 2,2 миллиард сум төлеп берилди.

Илаж соңында 677 жас­қа субсидия тийкарында әсбап-үскенелер тапсырылды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF