ХАЛЫҚҚА ПАЙДАМ ТИЙСЕ ДЕЙМЕН,
- дейди жас исбилермен Меҳрибану Жиенбаева
Ҳақыйқатында да, инсанның нийети дүзиў болса, тилеги қабыл болып, ойлаған арзыў нийетлерине жететуғынлығын табысларға ерисип киятырған заманласларымыз мысалында көрип ҳәм еситип, көкирегимизди қуўаныш сезимлери бийлейди.
Өз гезегинде, елимизде жасларға жаратылған шексиз имканиятлар, оларға берилип атырған кең көлемдеги мүмкиншиликлер инсанға қанат бағышлап, жаңадан жаңа мақсетлер жолында бирлестирип, Ўатан тәғдири, халқымыздың айдын келешеги жолында хызмет етиўге ийтермелейди. Сөзимиздиң дәлили ретинде, пайтахтымыздағы «Анасай» мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Меҳрибану Жиенбаева да заманласлары сыяқлы халық ийгилиги жолында аянбай хызмет етиўди өз алдына мақсет етип қойған жасларымыздан бири десек, асыра силтеген болмаспыз. Өзи жас ҳәм кишкене нәрестеси болыўына қарамастан айырымлар киби жумыссызлықты бәнелеп, және кимлердидур айыплап, қол қаўсырып отырмастан, есабын таўып, «шаңарағыма ҳәм халқыма пайдам тийсин» дейтуғын жүрегинде жалыны бар жаслардың бири.
Өткен 2021-жыл әўметли басланды. Көптен берли ойлап жүрген иси оңынан келип, «Аллаяр Ерназар» ЖШЖ атамасындағы өз жеке исбилерменлик жумысын жолға қойып, ҳәзирги күнде халқымызға мазалы нан өнимлерин ислеп шығармақта. Бунда Жаслар аўқамы көмеги менен «Микрокредит банк»тен жеңиллетилген 33 миллион сум кредит алып, өз жеке исбилерменлик жумысын баслады. Соның менен бирге, еки инсанның да жумыслы болыўына, шаңарағына пайдасы тийип, дәрамат табыўына еристи.
— Халқымыздың нан өнимлерине болған талабы жоқары. Биз күнине 500-600 буханка нан өнимлерин сатыўға шығарамыз. Буйыртпалар жүдә көп, гейде түни менен де ислеўимизге туўра келеди, - дейди ол өз жумысынан кеўли толып.
— Инсан ҳәрекет етсе, мийнет етсе ҳәмме есиклер ашылады деген ойдаман. Себеби, инсан мийнети ҳәр қашан да өз баҳасын алатуғынлығына, босқа кетпейтуғынлығына исенемен ҳәм өзим гүўасыман. Саўда-сатыққа уқыбым бар екенлигин енем Сырғагүл Ермағанбетова ҳәрдайым мақтап, мени қоллап-қуўатлап, өзиниң жыллы сөзлерин айтып, балаларыма қарасып, маған демесип киятыр. Мен буннан жүдә қуўанышлыман. Қалаберди, қасымда бирге ийин тиресип, бирге жүрген өмирлик жолдасым Баҳадырдан да миннетдарман. Соның менен бирге, жумысымды баслаўымда жеңилликли кредит алыўымда жол-жобасын көрсетип, өзлериниң мәсләҳәтлерин аямай, туўры бағдар берген аймағымыз ҳаял-қызлар белсендиси Гүлнара апаға алғысым шексиз, -дейди М.Жиенбаева.
Меҳрибанудың алдына қойған мақсетлери көп. Еле де жумыс көлемин кеңейтип, шаңарағына мол дәрамат алып кирип, өзи сыяқлы заманласларына да қол-көмегин бериўди нийет еткен. Әлбетте, жақсы нийетлери жолдасы болып халық ийгилиги жолында аянбай жаслық жигери менен хызмет ететуғынлығына исенимиз кәмил.
З.ЕРЕКЕЕВА,
арнаўлы хабаршымыз.
СҮЎРЕТТЕ: М.Жиенбаева.