Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:51:25, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МАЙЫПЛЫҒЫ БОЛҒАН ШАХСЛАРҒА ЖАҢА ИМКАНИЯТЛАР

Кейинги жыллары Президентимиз ҳәм ҳүкиметимиз тәрепинен майыплығы болған пуқараларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, майыплықты ерте анықлаў ҳәм алдын алыў, оларға медициналық-социаллық жәрдем көрсетиў, кәсипке оқытыў ҳәм жумысқа жайластырыў, олардың турмыс дәрежесиниң сапасын жақсылаў, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, жәмийеттеги мүнәсип орнын тәми­йинлеў мәселелерине қаратыл­ған қатар норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер ислеп шығылды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2022-жыл 8-февральдағы 62-санлы қарары менен «Шыпакерлик-мийнет экс­перт комиссиясы» дүзилмеси «Шыпакерлик-социаллық эксперт комиссиясы»на айландырылды. Усы қарар тийкарында Шыпакерлик-социаллық эксперт комиссиясына тийисли болған барлық ис ҳүжжетлери бир жерге жыйналды.

Сондай-ақ, шыпакерлик-социаллық экс­перт комиссиясы ҳаққында шығарылған Нызам тастыйыкланды. Бул нызамға муўапық, шыпакерлик-социаллық эксперт комиссиясының тийкарғы атқаратуғын төмендеги ўазыйпалары белгилеп берилди. Яғный, бириктирилген аймақтағы пуқараларды шыпакерлик-социаллық эксперт комиссиясынан өткереди, оларға майыплық топарын белгилеў, аймақтағы майыплық жағдайы, динамикасы ҳәм себеплери бо­йынша анализ етиў, майыплығы болған пуқараларды реабилитациялаўдың жеке тәртиптеги бағдарламасын ислеп шығыў, оның әмелге асырылыўын қадағалап барып, муўапықластырыў ис-илажларын алып барыў ўазыйпасы етип белгиленген.

Жақында ғана Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 21-декабрьдеги «Майыплығы болған шахсларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың бәнтлигине көмеклесиў ҳәм де социаллық белсендилигин және де арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў ҳәм де ма­йыплығы болған шахслардың бәнтлигине көмеклесиўди және де жетилистириў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетиниң 2022-жыл 31-августта «Майыплығы болған шахслардың мийнет искерлигин әмелге асырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў ис-илажлары ҳаққында»ғы 486-санлы қарары қабыл етилди.

Республикамыздағы хызмет көрсетип атырған шыпакерлик-социаллық эксперт комиссиялары тәрепинен 2020-жылда 5535 майыплығы болған шахсларды жумысқа жайластырыў ҳәм кәсипке үйретиўге усыныслар жолланған болса, 2021-жылда булардың саны 8553 майыплығы болған пуқараға жақын болып жумыс ислеўге берилген усыныслар саны көбейип келмекте.

Солардан 7359ы жумысқа жайласты­рыўға, 259ы кәсип үйрениўге, ал 935ин оқыўға жайластырыўға усыныслар берилген. Соның менен өткен жылға салыстыр­ғанда жумысқа жайластырыў ушын берилген усыныслар 3000ға, оқыўға жайластырыў ушын берилген усыныс 75ке, ал, кәсип үйрениўге берилген усыныс 11ге артыўы гүзетилген. 2021-жылда берилген усыныслар тийкарында 161 майыплығы болған шахслар жумыс­қа, 298 майыплығы болған шахслар оқыў орынларына жайластырылып, бәнтлигин тәмийинлеў бағдары өсип бармақта. Усы жылы 992 майыплығы болған абитуриент  жоқарғы оқыў орынларына арнаўлы квоталар тийкарында оқыўға тапсырды.

Усы қарардың биринши қосымшасына муўапық, майыплығы болған шахслар ушын усыныс етилген жумыс орынлары, хызмет лаўазымларының системалы дизими (классификатор);

екинши қосымшаға муўапық, майыплығы болған шахслардың жумыс алып барыўы ушын жумыс орынлары ҳәм кәсиплерине сәйкеслендириў бойынша усыныс;

үшинши қосымшаға муўапық, майыплығы болған шахслардың хызмет көрсетиўи мүмкин болған кәсиплер ҳәм лаўазымлар дизими ҳәм де мийнет шараятлары бо­йынша усыныслар тастыйықланды.

Буннан тысқары, қарарда Өзбекстан Республикасы Спортты раўажландырыў минис­трлиги, Мәденият министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте еситиўи ҳәм сөйлеўинде нуқсаны бар майыплығы болған шахсларды спорт, мәдений ҳәм илимий дөгереклерге кеңнен тартыўды шөлкемлестирип барыўлары да ўазыйпа етип белгиленген.

Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги жанындағы Мәҳәлле менен бирге ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, «Мадад» мәкеме түриндеги мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми менен биргеликте майыплығы болған шахслардың ҳуқықый мәдениятын арттырыў ҳәм оларды исбилерменлик хызмети менен шуғылланыўға тартыў бойынша арнаўлы оқыў курсларын шөлкемлестириў усыныс етилген.  

Усы нызам ҳүжжетлери арқалы ҳүкиметимиз тәрепинен майыплығы болған шахсларды социаллық тәрептен қоллап-қуўатлаў, оларды өз кәсиби бойынша денсаўлығына зыян тийгизбеген ҳалда жумыс менен тәми­йинлеў ямаса басқа кәсипке бағдарлаў, оларды жәмийетке интеграциялаў арқалы «Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз!» сүрени әмелде орынланыўының айқын мысалы болады деп исенемиз.          

 

Рашид Рахимов,

Қарақалпақстан Республикасы Бас Шыпакерлик-социаллық эксперт

комиссиясы баслығы, жоқары катего­риялы шыпакер.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF