Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:11:00, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НЫЗАМ ҲҮЖЖЕТЛЕРИ ИНСАН ҲУҚЫҚЛАРЫН ҚОРҒАЙДЫ

Мәмлекетимиз Президентиниң Пәрманы менен тастыйықланған 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның Раўажланыў стратегиясында мәмлекетимизде әдиллик ҳәм нызам үстинлиги принциплерин раўажландырыўдың ең тийкарғы ҳәм зәрүр шәртине айландырыў мақсет ҳәм ўазыйпалары белгиленген еди.

Нызам үстинлигин тәми­йинлеўде пуқаралардың жеке меншикке болған ҳуқықларын қорғаў ең әҳмийетли мәселелердиң бири есапланады. Ҳәрекеттеги нормативлик-ҳукықый ҳүжжетлеримизде жеке меншикти қорғаўға бағдарлан­ған қағыйдалар бар болыўына қарамастан айырым жағдайларда турақ жайлар жайласқан жер участкаларын мәмлекет зәрүрликлери яки исбилерменлик мақсетлерине пайдаланыў ушын алыўда, пуқаралардың турақ жайларға, жер участкаларына болған меншик ҳуқықының бузылыўына жол қойылып келди. Буған тийкарынан ҳәкимликлер тәрепинен пуқара, исбилерменлер яки шөлкемлерге жер участкасын бериўде нызам ҳүжжетлери қағыйдаларының бузылыўына жол қойылыўы, жер майданларын бериўде бир-бирине қарсы келетуғын ҳәкимлик қарарларының шығарылыўы, сондай-ақ, жаңадан тайынланған ҳәкимниң өзинен бурынғы ҳәким қарарын бийкарлап жаңадан қарарлар қабыл етиўи, айырым коррупциялық жағдайлардың жүзеге келиўине себеп болмақта.

Мәмлекетимизде қабыл етилген стратегияда бул мәселелерди шешиў ушын меншик ҳуқықларының қол қатылмаслығын исенимли қорғаў, мәмлекет шөлкемлериниң меншик қатнасықларына байланыслы ислерге нызамға қарсы араласыўын шеклеў, жеке меншиктиң қол қатылмаслығы ҳәм оны қорғаў кепилликлерин күшейтиў, меншик, сондай-ақ, жер участкасына болған ҳуқықларды сөзсиз тәми­йинлеў ўазыйпалары белгиленди. Бул ўазыйпаны әмелге асырыўда, меншик, сондай-ақ, жер участкасына бол­ған ҳуқықлар менен байланыслы барлық басқарыў ҳүжжетлерин қатаң түрде тек суд тәртибинде бийкарлаў ямаса ҳақыйқый емес, деп табыў әмелиятын енгизиў зәрүрлиги белгилеп берилди.

Стратегияда белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў бағдарында 2022-жылы  24-августта «Мүлк ҳуқы­қының қол қатылмаслығын исенимли қорғаў, мүлклик қатнасықларға тийкарсыз араласыўға жол қоймаў, жеке меншиктиң капиталласыў дәрежесин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы Президент Пәрманы қабыл етилди. Пәрманға муўапық 2022-жыл 1-сентябрьден баслап жерге болған ҳуқықтың пайда болыўына тийкар бол­ған ҳүжжетлер тек ғана суд қарары тийкарында бийкар етилиўи ямаса ҳақыйқый емес, деп табылыўы мүм­кин, жерден ықтыярлы түрде бас тартыўды ҳүкимет яки ҳәким қарарлары менен рәсмийлестириў бийкар етилип, бул жағдай нотариаллық кеңсеси тәрепинен тастыйықланған арза менен тас­тыйықланады. Юридикалық шахс сапластырылыўы менен оның жерге болған ҳуқықларынан айырыў бийкар етилип, жер участкаларын жәмийет, мәмлекет зәрүрлиги ушын алып қо­йыўда компенсация есабында мәмлекеттиң басқа көшпес мүлкин бериў, бунда көп қабатлы жайлардан квартиралар берилиўи нәзерде тутылды.

Турақ жайға болған меншик ҳуқықларын әмелге асырыўда ямаса турақ жай мүлк ийеси менен туўыс­қанлық байланысларына ийе болмағанларды турақлы дизимнен шығарыў ушын олардың разылығын алыў, суд тәрепинен турақ  жайға инсаплы ийелеўши, деп табылған физикалық шахстан усы турақ жайды оған  меншик ҳуқықы мәмлекетлик дизимнен өткерилген ўақыттан баслап 3 жыл өткеннен кейин натурал түринде талап етип алыў бийкар етиледи. Сондай-ақ, 2023-жылдың 1-январынан баслап Кадастр ҳәм көшпес мүлкти дизимнен өткериў интеграциялық информациялық системасы көшпес мүлк объектлерине болған ҳуқық­лардың мәмлекетлик реестри ҳәм оған тийисли болған мағлыўматлар жүр­гизилетуғын, мағлыўматлардың ҳақыйқатлығы ҳәм исенимлилигине мәмлекет тәрепинен кепиллик берилетуғын бирден-бир хабар бериў системасына айландырылады.

Меншик ҳуқықына байланыслы ҳуқықларын қорғаў ушын экономикалық яки пуқаралық ислери бо­йынша судларына мүрәжат етиўде пуқаралар ҳәм исбилерменлерге қыйыншылық туўдырып атырған мәселелердиң бири бул даўа арзалар бериўде төлениўи тийис болған мәмлекетлик бажы пулы есапланады. Бул мәселеде жеңилликлер жаратыў ушын усы жылдың өзинде судларға мал-мүлк, меншик ҳәм буйымларға байланыслы меншик ҳуқықына ти­йисли даўа арзаларын бериўде регрессив, яғный, кеме­йип баратуғын мәмлекетлик бажы ставкаларын қолланыўды нәзерде тутыўшы нызам жойбарын ислеп шығыў белгиленди. Сондай-ақ, ҳүкимет тәрепинен көшпес мүлк ҳәм оған ти­йисли ҳуқықлардың есабын жүргизиўде ашықлық принципин енгизиў мақсетинде көшпес мүлкке болған ҳуқықлардың мәмлекет реестриндеги ашық мағлыўматлар қурамын белгилеў ҳәм ашық мағлыўматлар тийкарында ғалабалық геопорталын жаратыў ҳәм мағлыўматларды Миллий геохабар системасы арқалы мәмлекет ҳәм хожалық басқарыў шөлкемлерине, физикалық ҳәм юридикалық шахс­ларға жеткерип бериў тәртибин ислеп шығыў нәзерде тутылды.     

Жәмийетимизде жеке меншик үстинлигин тий­карғы принцип ретинде белгилеў ушын мәмлекетлик шөлкемлердиң рәсмий мағлыўматына исенип мал-мүлк, буйымларды сатып алған шахстың ҳуқықын қорғаў системасын жети­листириў, мал-мүлкке инсаплы ийелеўшиниң меншик ҳуқықларына кепиллик бериў ҳәм меншик ийесиниң бузылған ҳуқықларын тиклеўдиң финанслық механизмлерин қолланыў бо­йынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын таярлаў белгиленди.

Стратегияда нызам үстинлиги ҳәм конститу­циялық нызамлылықты тәмийинлеў ҳәм бул про­цесс­тиң бас критериясы ретинде инсан қәдирин белгилеў мақсетинде «Пуқара ҳәм исбилерменлер ҳәкимшилик суд қорғаўында» ураны астында кең үгит-нәсиятлаў жумысларын әмелге асырып барыў, суд процесинде тәреплердиң ҳақыйқый теңлиги ҳәм тартысыўшылық принциплерин жүзеге шығарыў, процессуал нызамшылықта адвокаттың ўәкилликлерин, сондай-ақ, дәлиллерди топлаў ҳәм усыныў ўәкилликлерин кеңейтиў нәзерде тутылды.

Пуқара ҳәм исбилерменлердиң даўа арзалары бо­йынша ислерин көрип шығыўда ушырасатуғын маш­қалалардан бири — арзаның қайсы судтың судлаўына тийислилик мәселеси есапланады. Себеби, экономикалық яки пуқаралық ислери бойынша судына берилген арзалар, усы судтың судлаўына тийисли болмаса бул арзалар арза бериўшиге қайтарылып, ол жаңадан тийислилиги бойынша басқа судқа мүрәжат етип, ақыбетинде даўагердиң сергизданшылыққа ушыраўына алып келетуғын еди.

Сонлықтан, бул машқаланың алдын алыў ушын стратегияда суд системасында «бир айна» принципин кең енгизиў мақсетинде арзаларды судқа тийислилигине қарамастан қабыллаў, ўәкилликли судқа жибериў ҳәм анық бир ис шеңберинде барлық ҳуқықый ақыбетлерди шешиўди тәмийинлеў системасын енгизиў, ис пуқаралық, экономикалық ямаса ҳәкимшилик судқа тийисли болыўына қарамастан, оны усы судлар тәрепинен қабыллаў ҳәм тийислилигине бола басқа судқа жибериў тәртибин белгилейтуғын ҳәм мәмлекет шөлкемлери тәрепинен жеткерилген зыянды қаплаў, басқа ҳуқықый ақыбетлерге тийисли мәселелерди шешиў бойынша ҳәкимшилик судлар ўәкиллигин анық белгилеў бойынша нызам жойбарын ислеп шығыў нәзерде тутылды. Соның менен бирге, мәмлекет шөлкемлери ҳәм лаўазымлы шахслардың атқарып атырған жумыслары үстинен нәтийжели суд қадағалаўын орнатыў, пуқара ҳәм исбилерменлик субъектлериниң әдил судлаўға ерисиў дәрежесин жоқарылатыў, ҳәкимшилик судларда лаўазымлы шахслардың қарарлары үстинен берилген шағымларды көрип шығыў системасын жетилистириў арқалы суд қадағалаўын қолланыў саласын кеңейтиў, қабыл еткен қарары, ҳәрекети яки ҳәрекетсизлиги нызамға қайшы емеслигин ҳәкимшилик судта тас­тыйықлаў миннетлемесин, оны қабыл еткен лаўазымлы шахстың өзине жүклеў тәртибин, яғный «судтың жедел қатнасыўы» принципин енгизиў бойынша нызамлар таярлаў белгиленди.

Физикалық ҳәм юридикалық шахсларды қыйыншылыққа ушырататуғын машқалалардың бири суд ҳәм басқа уйымлардың қабыл еткен ҳүжжетлериниң өз ўақтында ҳәм толық орынланбаўы есапланады.

Стратегияда суд ҳәм бас­қа да уйымлар ҳүжжетлериниң өз ўақтында нәтийжели орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде лаўазымлы шахс­лар ҳәкимшилик суд шешимин орынламаған жағдайда, оларға «асып баратуғын» жәрийма ҳәм басқа да ҳуқықый шараларды қолланыў тәртибин белгилейтуғын, анық бир ҳәрекетлерди әмелге асырыў ямаса оларды әмелге асырыўдан өзин тыйыў миннетлемесин жүклейтуғын ҳәм суд ҳүжжетин орынлаўдан бас тарт­қанлық, оның орынланыўына тосқынлық еткенлик ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик жазасын белгилейтуғын нызам ҳүжжетлерин ислеп шығыў белгиленди. Сондай-ақ, судлар тәрепинен орынлаў қағазларын пуқараның қатнасыўысыз электрон формада жибериў имканиятын беретуғын электрон платформаны жаратыў арқалы бул процессти толық санластырыўға өткериў, орынлаў процесин ашық тәризде аралықтан турып онлайн гүзетип барыў имканиятын жаратыў, суд тәрепинен тайынланған жәриймаларды арнаўлы сан бойынша төлеў системасын әпиўайыластырыў бағдарламасын ислеп шығыў, суд ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаўдың алтернативалық усылларынан пайдаланыў көлемин кеңейтиўдиң ҳуқықый тийкарларын жаратыў, өз-ара қарыздарлықты тәртипке салыў, есап-китап етиў ҳәм өндириў институтлары ҳәм механизмлерин енгизиў бо­йынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди таярлаў белгиленди. Мәжбүрий орынлаў уйымлары жумысына халықаралық стан­дартларды басқышпа-бас­қыш енгизиў системасын сан­ластырыў ҳәм оның айы­рым функцияларын жеке секторға өткериў арқалы мәмлекетлик суд орынлаўшыларының жумыс көлемин қысқартыўға ерисиў бойынша усы жылдың ақырына шекем тийисли нормативлик ҳуқықый ҳүж­жетлер ислеп шығыў белгиленди.

Жуўмақластырып айт­қанда, стратегияда белгиленген барлық мақсет ҳәм ўазыйпалар мәмлекетимизде инсан қәдирин улығлаўға, олардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм мәплерин қорғаўға қаратылған.

Тоғайтөре ҚАЛЛИБЕКОВ,

ҚМУ, Инсан ҳуқық­лары, мәмлекетлик ҳуқық ҳәм басқарыў кафедрасының доценти,
юридика илимлериниң кандидаты.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF