Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:34:34, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СТУДЕНТЛЕР САЎАП ИСЛЕМЕКТЕ

Елимизде саўап әмеллерди ислеўи арқалы танылған инсанлар оғада көп. Биреўи жәрдемге мүтәж инсанларға жәрдем қолын созса, биреўлери жетим балалардың басын сыйпап, ғамқорлық көрсетеди. Базы бир инсанлар адамлардың аўырын жеңил етип, қалыс жәрдем береди.

Солардың ишинде, Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалының студенти Рахат Жаңабаев ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти Бегдулла Ережеповлар донорлық етиўди саўап ис деп биледи.

Шынында да, адамлар күтилмеген бахытсыз ҳәдийселердиң нәтийжесинде жарақат алып, қан жоғалтыўы себепли оған мүтәж болып қалыўы мүмкин. Сондай-ақ, гематологиялық, онкологиялық кеселликлер менен гүресип киятырған инсанларға да қан, оның қурамлық бөлеклери, оннан таярланатуғын дәри ҳәм препаратлар оғада зәрүр.

ӨзЛиДеП Нөкис қалалық Кеңесинде усы еки жас пенен ушырасыў өткерилди. Ушырасыўда олардың волонтёрлық жумыслары атап өтилип, оларға партия атрибутлары, Президент китаплары, естелик саў­ғалар тапсырылды.

— «Донор» сөзи латын тилинен алын­ған болып, «саўға етемен», деген мәнисти билдиреди,-дейди Кеңестиң аппарат баслығы Б.Адилчаев. — Демек, донор өзи қанын бериў арқалы кимниң болса да өмирин сақлап қалыў ушын саўға етиўи мүмкин.

Донорлық етиў ҳәр қандай адам ислей алатуғын, бирақ, адамгершиликли жумыс. Бул еки жас партия жанындағы «Жаслар қанаты»ның ағзасы, белсенди волонтёр жаслардан болып есапланады...

Мағлыўмат ушын, Р.Жаңабаев 2021-жылы Өзбекстан Республикасында өткерилген «Волонтёрлар форумы»нда «Донорлық» бағдары бойынша биринши орынды ийелеген. «Жыл волонтёры» болған. Ол 2019-жылдан берли 41 мәрте қан тапсыр­ған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF