ЎӘКИЛЛИК ШЕҢБЕРИНДЕГИ УМТЫЛЫСЛАР
Халық депутатлары Беруний районлық Кеңесиниң депутаты Л.Хожаниязова «Саркоп» аўыл пуқаралар жыйынында өз сайлаўшылары менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда тийкарынан мәмлекетимизде соңғы жылларда әмелге асырылып атырған реформалар, соның ишинде, Президентимиздиң «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы ҳаққында мағлыўматлар берилди. Оның Қарақалпақстанды буннан былай да раўажландырыўдағы ҳәм халықтың турмысының еле де жақсылаўындағы әҳмийетине айрықша тоқтап өтилди.
Сондай-ақ, ушырасыўда АПЖ баслығы, ҳәким жәрдемшиси, жаслар жетекшилери ҳәм тийисли жуўапкер хызметкерлер менен бирге аўылдағы турақ жай, мектеп, бақша, медициналық хызмет, мәденият, спорт мәкемелери, ишки жоллар, ишимлик суўы, газ тәмийнаты, абаданластырыў мәселелери бойынша пикир алысыўлар болды.
Ушырасыў даўамында сайлаўшылардың мүрәжатлары тыңланып, көтерилген машқалаларды сапластырыў бойынша халық депутатларының ўәкиллиги шеңберинде депутатлық сораў жибериўге ҳәм орынланыўын қадағалаўға алыўға келисип алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.