«ПИДАЙЫ ЖАСЛАР ЖЕТЕКШИСИ» ТАҢЛАЎЫНЫҢ ЖЕҢИМПАЗЛАРЫ АНЫҚЛАНДЫ
Нөкисте «Пидайы жаслар жетекшиси» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.
Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 19-январьдағы «Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты толық жүзеге шығарыў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берди.
Атап айтқанда, жаслар менен ислесиўдиң «Мәҳәлле-район-ўәлаят-республика» системасы жаратылып, мәкан, аўыл ҳәм посёлкалық пуқаралар жыйынларына жаңадан енгизилген Жаслар жетекшиси лаўазымына жаслар менен ислесиў тәжирийбесине ийе, жасларды изине ерте алатуғын, жеке пазыйлетлери менен үлги көрсеткен, пидайы, садық ҳәм халықшыл талабанлар таңлап алынды.
Таңлаўда қалалық ҳәм районлық басқышларда жеңимпаз болған 17 жаслар жетекшиси қатнасты. Олар төрт, яғный «Жаслар сиясатының билимданы», «Нәтийжели жумыс», «Инновациялық социаллық жойбар» ҳәм «Уқып ҳәм талант» шәртлери бойынша өз-ара беллести.
Таңлаў жуўмағында Бозатаў районындағы «Қусханатаў» аўыл пуқаралар жыйынының жаслар жетекшиси Алишер Төремуратов биринши орынды ийелеп, Өзбекстан Республикасы басқышына жоллама алды. Екинши орын Қоңырат районындағы «Мыңжарған» мәкан пуқаралар жыйынының жаслар жетекшиси Улбосын Мәмбетяроваға, үшинши орын Қанлыкөл районындағы «Мәденият» мәкан пуқаралар жыйынының жаслар жетекшиси Тимур Муратбаевқа несип етти.
-Өткен қысқа ўақыт ишинде жәмлеспеген жаслардың турмыстан өз орнын таўып кетиўине жәрдемлесиў, ҳаял-қызлардың ҳәм жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың арасында жынаятшылықтың алдын алыў бағдарында айтарлықтай жумыслар алып барылды,-дейди таңлаў жеңимпазы Алишер Төремуратов.-Нәтийжеде бүгинги күнге 30 жас турақлы жумыс орны менен тәмийинленди. Бул таңлаў бир-биримиз бенен тәжирийбе алмасыўда да айрықша әҳмийетке ийе болды.
Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом және баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы