ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ ОТЫЗ БЕСИНШИ СЕССИЯСЫ ҲАҚҚЫНДА МӘЛИМЛЕМЕ
Усы жыл 12-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң отыз бесинши сессиясы болып өтти.
Сессияға Олий Мажлис Сенатының ағзалары, қала ҳәм район ҳәкимлери, тийисли тараўлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев кирис сөз бенен ашты.
Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.
Сессияның күн тәртибинде дәслеп «Қарақалпақстан Республикасының Ҳәкимшилик-аймақлық дүзилиси ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамының жойбары ҳаққындағы мәселе көрип шығылды. Бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң баслығы З.Реймова баянат жасады.
Атап өтилгениндей, Нызам жойбары менен ҳәкимшилик-аймақлық дүзилиси тараўындағы тийкарғы принциплер ҳәм түсиниклер биринши мәрте енгизилмекте. Сондай-ақ, ҳәкимшилик-аймақлық дүзилиси мәселелери бойынша қарар қабыл етиўде мәмлекетлик уйымлардың ўәкилликлери менен ўазыйпалары анық белгиленбекте.
Қарақалпақстан Республикасында ҳәкимшилик-аймақлық дүзилиси мәселелери бойынша комиссияларды дүзиў ҳәм жумысын жүргизиўдиң улыўма тәртиби, тийкарғы ўазыйпалары, соның менен бирге, комиссия тәрепинен жуўмақ шығарыў мүддетлери ҳәм мазмуны ретлестирилмекте. Нызам жойбарында, Қарақалпақстан Республикасында ҳәкимшилик-аймақлық бирликлерди дүзиў ҳәм сапластырыў, олардың шегараларын өзгертиў, орайларын белгилеў ҳәм көшириў, сондай-ақ, бағыныўын өзгертиў тәртиби келтирилген.
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы И.Тлеўов шығып сөйледи ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.
Сессияның күн тәртибинде кейинги мәселе, пуқаралардың ҳуқықларын ҳәм еркинликлерин, соның менен бирге, кәрханалар, шөлкемлер ҳәм мәкемелердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин суд арқалы қорғаўды әмелге асырыўға байланыслы жумыслары туўралы Қарақалпақстан Республикасының суды ҳәм Ҳәкимшилик суды баслықларының мәлимлемеси ҳаққындағы мәселе көрип шығылды. Бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы К.Тарихов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының баслығы А.Нурлипесовтың мәлимлемелери тыңлынды.
Бул мәселе бойынша депутатлар тийисли қарар етти.
Буннан кейин Мәмлекетлик тилди раўажландырыў, мәмлекетлик тилдиң ҳәрекет етиўи менен байланыслы машқалаларды анықлаў ҳәм сапластырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаменти баслығының есабаты ҳаққындағы мәселе қаралды. Бул бойынша усы департаменттиң баслығы П.Дабыловтың есабаты тыңланды.
Атап өтилгениндей, латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ тилинде таярланған «Мәмлекетлик тилде ис жүргизиў» әмелий қолланбасы мың нусқада баспадан шығарылды. «Қарақалпақ тилиниң санластырылған технологиясы» атамасындағы илимий-әмелий жойбар Ташкент мәмлекетлик экономика университетиниң компьютер программистлери тәрепинен әмелге асырылмақта. Буннан тысқары, 5 томлық «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» китабы таярланбақта. Соның менен бирге, қарақалпақ тилиниң энциклопедиялық сөзлигин тараўлар бойынша жаратыў жумыслары алып барылмақта.
Сораў-жуўаплардан кейин бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етилди.
Депутатлар «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң айырым комитетлериниң қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы, Жоқарғы Кеңес Президиумы тәрепинен сессиялар аралығында қабыл етилген тийисли қарарларды тастыйықлаў ҳаққындағы мәселелерди көрип шықты ҳәм тийисли қарар қабыл етти.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң отыз бесинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги