«СУЎ ХОЖАЛЫҒЫ ТАРАЎЫНДА МӘМЛЕКЕТЛИК БАҒДАРЛАМАЛАРДЫҢ ОРЫНЛАНЫЎЫ»
Жақында усы атамада Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигинде тараў басшылары, қәнигелери, баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасыўында баспасөз конференциясы шөлкемлестирилди.
Онда дәслеп министрликтиң Инвестицияларды тартыў ҳәм инновациялық технологияларды енгизиў секторының баслығы О.Палўанов, усы министрликтиң Қурылыс ҳәм оңлаў жумысларын шөлкемлестириў секторы баслығы Е.Турдыбаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиздиң 2021-жыл 24-февральдағы «Өзбекстан Республикасында суў ресурсларын басқарыў ҳәм ирригация секторын раўажландырыўдың 2021-2023-жылларға мөлшерленген стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў ҳәм тараўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламалар тийкарында ирригация ҳәм мелиоративлик қурыў, реконструкциялаў жумыслары ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди. Онда атап өтилгениндей, қарарға муўапық, 19 ирригациялық объектте, жәми 92,6 км узынлықтағы каналларды қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары алып барылды. Мелиоративлик объектлерди қурыў ҳәм реконструкциялаў бойынша 56,9 км коллекторларда қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары әмелге асырылды. Министрликке қараслы насос станциялары ҳәм энергетика басқармаларындағы тозыўы жеткен 6 насос ҳәм 24 электродвигатель алмастырылды. Насос станцияларында 113 дана «онлайн» режиминде мониторинг етиўши қурылмалар, ал, мелиоративлик бақлаў қудықларына 107 дана «DIVER» үскенелери орнатылды.
2022-жылы «Дослық» каналының 252 пикетиндеги бас суў бөлистириў қурылмасында автоматластырылған басқарыў системасы енгизилди. Мәмлекетлик жеке меншик шериклик принципи тийкарында суў хожалығында 9 суў хожалығы объекти мәмлекетлик шерикликке берилгенлиги айтып өтилди.
Г.САПАРОВА, арнаўлы хабаршымыз.
СҮЎРЕТТЕ: баспасөз конференциясынан көринис.