ИНСАНДА ИНТА ҲӘМ УМТЫЛЫС БОЛСА...
Ҳәзир ис билгенниң заманы десек асыра айтқан болмаймыз. Себеби, бүгинлиги елимизде ислеймен, үйренемен, оқыйман деген жасларымызға барлық қолайлы шараятлар жаратылған.
Әсиресе, қолыңда өнери бар, ислейтуғын жумысын режелестирген, ең тийкарғысы, истиң көзин билетуғын заманласларымыздың асығы алшы болып, талабы күн сайын өрлеп, мийнетиниң арқасында қарны тойып, шаңарағын да көркейтип атырғанынлығын турмыста көп көрип атырмыз. «Палаўды май келтирер» дегениндей, қысқаша айтқанда, истиң көзин билген исбилерменлердиң жасаў жағдайлары да, сап пайда дәраматы да ҳәмме ҳәўес еткендей екенлигин турмыстың өзи дәлиллеп атыр. Негизинде булардың түп-тийкарында тынымсыз мийнет жататуғынлығын бәримиз де жақсы билемиз. Әлбетте, өз жумысын баслаў исбилерменнен тек ғана қызығыўшылық, шаққанлық емес, ал, дәслепки дәраматты да талап етеди. Әҳмийетли тәрепи сонда, елимиздеги барлық банклер тәрепинен басланғыш қаржы ушын ажыратылып атырған жеңилликли кредитлердиң берилиўи өз нәтийжесин бермекте.
Бозатаў районы аймағында жасаўшы ҳаял-қызлар арасында да қолында өнери бар, истиң көзин билетуғынлары көпшиликти қурайды. Солар арасында берилген имканиятлардан утымлы пайдаланған жас исбилермен Наргиза Барибаеваның көптен берли ойлап жүрген жумысы әйне быйыл сәтине түсип, оны баслаўға еристи. Тийкарғысы, онда режелер тайын болғаны менен қаржы мәселесинде қолы келтелик етер еди. Буның да есабы табылып, «Агро банк» Кегейли филиалынан кредит алып, нәтийжеде Бозатаў районы аймағынан «Кенжебек Даўлетяр» жуўапкершилиги шекленген жәмийетин ашып, районда жасаўшы аймақ турғынларының кеўлинен шығып, алыстан арбаламай жақыннан дорбалаў мақсетинде район орайынан азық-аўқат ҳәм аралас затлар сатылатуғын 1-санлы мини маркет ашыўға миясар болды. Нәтийжеде аймақта жумыс орны жаратылды. Ойлап қарасақ, ҳәр бир инсанда бир нәрсеге инта, умтылыс болса гөзлеген таўын алмай қоймайды екен. Наргизаның да әўел бастан алдына қойған мақсети усындай мини маркет ашып, халықтың кеўлинен шығыў еди. Әне, ўақыт деген, ойлағаны әмелге асып, жумыслары гүрлегенин оның жүзиндеги қуўаныштан байқаў қыйын емес. Байрам қарсаңында Наргиза ушын және бир үлкен қуўаныш болды. Жоқарғы Кеңес Баслығы бир топар исбилерменлерди жыйнап, Исбилерменлер күни белгиленгени, тараўлық байрам менен қутлықлағанынан бәршемиздиң хабарымыз бар. Қуўанарлысы, әне солар қатарында бозатаўлы Наргиза да бар болып, наутбук пенен сыйлықланды.
— Расы, мениң аз ғана мийнетимниң баҳаланғанына қатты қуўандым. Жоқарғы Кеңес Баслығы қолынан саўғаны алғанда өзимди қандай да өзгеше сезиндим. Маған билдирилген исенимди ақлап, еле де жумысымды раўажландырып, кеңейтип, мини маркетти супер маркетке айландырыўды кеўлиме түйдим. Айтайын дегеним, ҳәр бир истиң өзине сай сыры, машақаты болады, оларды меңгериў ушын зийреклик, қунт ҳәм ықлас зәрүр, деп ойлайман. Бунысыз ҳеш нәрсеге ерисе алмайсаң. Және ҳәр қандай исти баслағаннан соң барлығы «қамырдан қыл суўырғандай» болып шыға бермейди. Дәслеп албырайсаң, өзине жараса қыйыншылығы да болады. Жасырмайман, ең қыйыны, базы да сәтсизликке де ушырайсаң. «Жығылған гүреске тоймас» дегендей, талпынып, қарманып, бара-бара тәжирийбең де асып қатаяды екенсең. «Көз қорқақ, қол батыр» деген, ойлағаным әсте-әсте әмелге асып атыр. Келешекте районымыз аймағынан кишигирим болса да мийманхана ашыў нийетим бар, - дейди жас исбилермен Наргиза Барибаева.
— Районымыздан жаңадан ашылып атырған бул мини маркет пүткил аймақ турғынларын үлкен қуўанышқа бөледи. Көз тиймесин, районымызда алдынғыдан бир талай өзгерислер жүз берди. Бизде де барлық халыққа турмыслық хызметин көрсетиў орынлары ашылды. Алдынлары хожалыққа керек затлар ушын Кегейлиге ҳәлек болар едик. Ҳәзир дым қолайлы болды. Анаў-мынаўдың бәри мини маркеттен табылады. Барыў-келиў жол кирейдиң пулына да биймәлел басқа керегимизди аламыз,- дейди аймақ турғыны С.Сулайманова.
Ҳақыйқатында да, Президентимиз Ш.Мирзиёев атап өткениндей, «Исбилермен бай болса, мәмлекет те бай болады». Олар сол мийнетлери арқасында өзин де, шаңарағын да, халқын да бағады. Елимизде ҳәр бир тараў бойынша исбилерменлердиң көбейгени жақсы. Жаңа жумыс орынлары ашылып, жасларымыз несийбесин сырттан шөпшемей, ата-анасының баўырында болып, жумыс пенен тәмийинленеди. Тийкарғысы, Наргизаның иси сәтине түсип, жүрисиўинде әлбетте, өмирлик жолдасы Орынбасардың да мийнетлери айрықша. Себеби, шаңарақтағы тынышлық, аўызбиршилик, бир-биреўди қоллап-қуўатлаў көп нәрсеге тийкар салары анық.
С.ТУРДЫБЕКОВА.
СҮЎРЕТТЕ: исбилермен Наргиза Барибаева.