Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:21:43, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТЫНЫШЛЫҚ ҲӘМ ТАТЫЎЛЫҚ — БИЙБАҲА БАЙЛЫҚ

ОНЫ ҚӘСТЕРЛЕП-САҚЛАЎҲӘММЕМИЗДИҢ МИННЕТИМИЗ

Раўажланыўдың жаңа басқышларына көтерилип атырған мәмлекетимиз өз алдына жаңа ўазыйпаларды белгилеп алар екен, олардың ҳәммеси инсан мәпине қаратылған.

Өзбекстан Республикасы Раўажланыў стратегиясының негизинде «Ең уллы қәдирият — инсан қәдири» деген принцип көрсетилген. Әлбетте, инсанның жақсы жасаўы, кәмил инсан болып жетилисиўинде денсаўлық ҳәм тынышлық үлкен әҳмийетке ийе. Жақында ғана Қарақалпақстанда болған кеўилсиз ўақыялар ҳәммемизди үлкен тәшўишке салып, бул ўақыя тек жасы үлкенлерди ғана емес, ал, өсип киятырған жас әўладқа да тынышлықтың қәдири қаншелли әҳмийетли екенин көрсетип, оларда шүкирлик туйғысын пайда етти.

Тынышлық ҳәм татыўлық — бийбаҳа байлық екенин бәршемиз жақсы билемиз. Лекин, оның қәдирине жетиў керек екенин айы­рым инсанлар түсинбейди. Биз күнделикли турмысымызда телевидение, радио, газета-журналлар яки социаллық тармақлар арқалы гейбир жерлерде тәбийғый апат себебинен, гейбир жерлерде қанлы саўаш, урыс ақыбетинде қалалар ўайран болып, халық бүлгиншиликте, сергизданлықта күн кеширип атырғанының гуўасымыз. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халқы болса азат хәм абат Ўатанда еркин ҳәм пәраўан турмыс кеширип атыр. Елимизде болып өткен кеўилсиз ўақыяларда сыртқы күшлер тәсиринде ҳәр қыйлы бузғыншылар республикамызда тыныш-татыў жасап атырған түрли миллет ўәкиллериниң арасына суўықшылық салмақшы болғаны ҳеш кимге сыр емес. Биз әзел-әзелден қарақалпақ ҳәм өзбек халықлары бир-бирине баўырман, меҳир-мүриўбетли, аға-инилердей туўысқан болып жасап кия­тырған халықпыз.

Алдағы ўақытлары жас әўладтың, келешек жасларының тәғдирине бийпәрўа болмастан тынышлық ҳәм татыўлықты қәстерлеп-сақлап, «Жаңа Өзбекстан»ды, соның негизинде «Жаңа Қарақалпақстан»ды қурыўда бирлесип, келешек әўладты кәмил инсан етип тәрбиялаўда, әсиресе, жәми­йеттиң тийкарғы жетекши күшлери есапланған жасларды жоқары интеллектуал қәбилетли, дүньяда ҳәм мәмлекетимизде жүз берип атырған сиясий-экономикалық өзгерислерге саналы қатнас жасай алатуғын, мәнаўий дүньясы бай, жетик қәнигелер етип таярлаўды алдымызға мақсет етип, усы мақсетти әмелге асырыўда бәршемиз жасларымыздың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, оларды ҳәр қыйлы диний экстремистлик, террористлик ҳәм сепара­тистлик идеялардан қорғаўымыз, келешеги уллы мәмлекетте келешеги уллы жасларды тәрбиялаўымыз шәрт. Өйткени, ҳүрметли Президентимиз айтқанындай, раўажланыўдың тийкарғы ирге тасы, мәмлекетти қүдиретли ететуғын, миллетти уллы ететуғын күш — бул илим, тәлим ҳәм тәрбия болып табылады.

Усы орында соңғы жылларда Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм өзгерислерди талқылап қарасақ, Президентимиз Қарақалпақстанға болған ҳәр бир сапарында нураныйлар, жаслар ҳәм тараў қәнигелери менен ушырасып, олардың усыныс-пикирлерин сондай-ақ, машқалаларын тыңлап, оның шешими бойынша бир қанша қарарлар қабыл етип, кең мүмкиншиликлер жаратып береди. Буның негизинде уллы мақсетлер жолында әмелге асырылатуғын режелер, бул үлкени және де раўажландырыў, халқымыздың турмысын жақсылаў менен байланыслы мақсетлер жатады.

Елимиз басшысы Президент болып жумыс баслаған күн­нен баслап, дәслеп жаңаланыўларды Мойнақты раўажландырыў, Арал теңизиниң қурыўы ақыбетинде жәбир шеккен халықтың жасаў шараятын пүткиллей жақсылаў, социаллық машқалаларды ше­шиў, адамларды разы етиўден баслады. Бул бойынша мәмлекетлик бағдарламалар қабыл етилип, буны Мойнақ районының ора­йында, шетки аўылларында, Арал теңизиниң қурыған түбинде алып барылып атырған жумыслардан көриўимизге болады. Биз бул аз­ғана ўақыт ишинде исленген жумысларды, инсан қолы қаншелли кәраматлы екенин, өзбек ҳәм қарақалпақ халқы бир-бирине сүйениш, баўырман екенин Мойнақ районы мысалында көрсек болады.

Ҳақыйқатында да тынышлық болып турса кеўилге той-тамаша сыяды. Елимиз тыныш болса, раўажланыў болады, халық мийнет етип, ырысқы-несийбесин терип, жай қурып, бахытлы күн кеширеди. Сонлықтан тынышлықтың,  бул берилген байлықтың қәдирине жетип жасаўымыз лазым.

 

Ахмед РЕЙМОВ,

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры, профессор.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF