«ЕҢ УЛЛЫ, ЕҢ ӘЗИЗ» ТАҢЛАЎЫНЫҢ ЖЕҢИМПАЗЛАРЫ СЫЙЛЫҚЛАНДЫ
Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң көргизбелер сарайында Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 31 жыллығы мүнәсибети менен өткерилген «Ең уллы, ең әзиз» таңлаўы Қарақалпақстан Республикасы басқышының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болды.
Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармасы, Өзбекстан Журналистлери аўқамы Қарақалпақстан бөлими, Жазыўшылар аўқамы, Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими, «Қарақалпақкино» агентлиги менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда атап өтилгениндей, елимизде ғәрезсизлик жылларында әмелге асырылған кең көлемли жумысларды жәмийетшиликке жеткериўде мийнет етип атырған дөретиўшилерди қоллап-қуўатлаў ҳәм оларды хошаметлеўде бул таңлаўдың әҳмийети айрықша болмақта.
Таңлаўда жазыўшы-шайырлар, баспа ҳәм электрон ғалаба хабар қураллары, халық әмелий көркем өнериниң ўәкиллери, художниклер, фотосүўретшилер менен дизайнерлердиң «Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз!» деген бас идеяны өзинде жәмлеген дөретиўшилик жумыслары көрип шығылды.
Төрешилер қурамы тәрепинен Қарақалпақстан халық жазыўшысы А.Султанов, киносценарист Б.Мадияров, радиожурналист Қ.Палымов, художник ҳәм көркем өнер изертлеўши У.Утегенова, Қарақалпақстан телевидениесиниң редакторы А.Бердимуратова, «Еркин Қарақалпақстан» газетасының өз хабаршысы С.Оразымбетовлар жеңимпаз деп табылды.
-Елимизде барлық тараўлар сыяқлы кинодөретиўшилерге де айрықша итибар қаратылмақта,-дейди таңлаў жеңимпазы Бахтияр Мадияров.-Өткен жылы Президентимиздиң басшылығында республикамызда әмелге асырылған кең көлемли жумысларды сәўлелендириўдеги мийнетимизди ылайықлы баҳалағаны ушын миннетдаршылық билдиремиз.
Ҳәр бир номинация бойынша жеңимпазларға диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги