ШЫМБАЙ: ЖУМЫСЛАР СЫНҒА АЛЫНЫП, КӨРСЕТПЕЛЕР БЕРИЛДИ
Шымбай районы республикамызда өз орны ҳәм абырайына ийе тарийхый елат болып табылады. Бүгинги күни 114 мыңнан аслам халық жасайтуғын районда соңғы жыллары Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң арнаўлы пәрман ҳәм қарарлары тийкарында бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.
Деген менен, айырым тараў басшыларының өз жумысына жуўапкершиликсиз қатнас жасаўы нәтийжесинде қарапайым халық бәнтлик, медицина, билимлендириў, қурылыс, ишимлик суў, жол ҳәм тағы мәселелерде бир қатар машқалаларға дусласып, бул олардың мәмлекетимизде Президентимиз тәрепинен алып барылып атырған сиясатына болған наразылықларына себеп болғанлығы бүгинги күни ҳеш кимге сыр емес.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кеше Шымбай районында болып, районда пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў ҳәм халықтың абадан турмыста жасаўын тәмийинлеўге қаратылған әмелий ислердиң барысы менен танысты.
Атап айтқанда, Жоқарғы Кеңес Баслығына мүрәжат еткен пуқаралардың мәселелериниң унамлы шешим табыўы бойынша берилген тапсырмалардың орынланыўын барып көрди.
Буннан соң Шымбай районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында республикамыздағы барлық министрлик ҳәм уйымлардың, райондағы мәкемелердиң басшылары сондай-ақ, аймақтың көше ҳәм аўыл бийлери қатнасында мәжилис болып өтти.
-Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимизде “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарында барлық тараўларда кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Сондай-ақ, халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, исбилерменликти раўажландырыў арқалы пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған “Абат аўыл”, “Абат мәҳәлле”, “Ҳәр бир шаңарақ-исбилермен”, “Жаслар келешегимиз” мәмлекетлик бағдарламалары, “Темир дәптер”, “Ҳаял-қызлар дәптери”, “Жаслар дәптери”не киргизилген пуқараларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша орынларда жумыслар алып барылмақта.
Бирақ, усындай қолайлы имканият ҳәм шараятлар жаратылыўына қарамастан, айырым тараў басшылары өзлериниң хызмет ўазыйпаларына немқурайдылық пенен қарап, белгиленген тапсырмаларды мүддетинде орынламаўы – биринши гезекте халықтың кеўил-кейпиятына кери тәсир етип, олардың мәмлекетлик сиясатқа деген наразылығына себеп болмақта”-деди Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев.
Атап айтқанда, соңғы жыллар ишинде Шымбай районында дерлик көплеген тараўларда, соның ишинде, қурылыс, абаданластырыў ҳәм социаллық тараўларда бир қатар қәте-кемшиликлерге жол қойылып атырғанлығын атап өтти.
Соның менен бирге, республикамыз Басшысы Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 31-августтағы «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилип, усы тарийхый ҳүжжет тийкарында Қарақалпақстан Республикасының социаллық, экономикалық, соның ишинде, өндирислик ҳәм инвестициялық потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, исбилерменлик жумысын раўажландырыў ҳәм жоқары қосымша қунға ийе бәсекилес өнимлер ислеп шығарыўды хошаметлеў, исбилерменлерге көрсетилетуғын финанслық хызметлер көлемин кеңейтиў, инфраструктуралық шараятларды жаратып бериў арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм аймақтың экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыў бойынша көплеген әмелий ислер алып барылатуғынлығы туўралы мәжилис қатнасыўшыларына кең түрде түсиниклер берди.
Ушырасыўда республикамыздағы ҳәр бир тараў басшысы өз жумысын жуўапкершилик пенен атқарыўы тийис екенлиги, халықтың ҳәр бир машқаласы итибардан шетте қалмай, барлығы қатаң қадағалаўға алыныўы шәрт екенлиги тийисли министрликлер менен тараў басшыларына белгилеп берилди.
Сондай-ақ, быйылғы жылы Шымбай районын социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың абадан турмыста жасаўын тәмийинлеўге жәми 16 млрд. 849 млн сўмлық қаржы ажыратылғаны, усы қаржы тийкарында аймақта социаллық тараўларды жақсылыў бойынша көплеген жумыслар исленетуғынлығы да айрықша атап өтилди.
Ушырасыўда район ҳәкими А.Тажетдинов, бир қатар аўыл-аймақлардың бийлери шығып сөйлеп, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы Аманбай Орынбаевқа районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықты қыйнап киятырған машқалаларды сапластырыўға қаратып атырған итибары ушын өзлериниң терең миннетдаршылығын билдирип, дыққаттан шетте қалып баратырған мәселелер бойынша халықтың пикир-усынысларын айтып өтти.
Мәжилисте атап көрсетилген кемшиликлерди сапластырыў ҳәм бул бойынша жумысларды шөлкемлестириў бойынша жуўапкер етип Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Утамбетов белгиленди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы