Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:27:55, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СУЎДАН ҮНЕМЛИ ПАЙДАЛАНЫЎ УШЫН БАР МҮМКИНШИЛИКЛЕР ИСКЕ ҚОСЫЛМАҚТА

Ҳәзирги күнлердеги суўдың там-тарыслығы ўақтында аўыл хожалығында суўды үнемлеп жумсаўға ең тийкарғы мәселе сыпатында үлкен итибар қаратылмақта. Бунда ирригациялық ҳәм мелиорациялық объектлердиң талапқа сай болыўы үлкен әҳмийетке ийе.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 5-декабрьдеги «Қарақалпақстан Республикасында суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў бойынша кешиктирип болмайтуғын илажлар ҳаққында»ғы қарары  қабыл етилген еди.

Қарақалпақстан Республикасы суў хожалығы министрлиги тәрепинен усы қарар тийкарында 2021-2023-жылларда әмелге асырылатуғын жумыслар белгиленип, белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өткен жылы бир қатар жумыслар әмелге асырылған.

– Атап айтқанда, өткен жылда белгиленген бағдарлама тийкарында ирригациялық объектлерде бир қатар қурылыс ҳәм реконструкциялаў жумыслары әмелге асырылды,-дейди министрликтиң қурылыс ҳәм оңлаў жумысларын шөлкемлестириў секторының баслығы Е.Турдыбаев. – Республикамыз бойынша жәми алғанда 16 объектте 44 миллиард 737,4 миллион сумлық 44,4 километрлик узынлықтағы каналларды қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары режелестирилген еди. Әмелде 46 миллиард 806 миллион сумлық 44,3 километрлик узынлықтағы қурылыс ҳәм реконструкциялаў жумыслары алып барылды.

Ал, 27 мелиоративлик  объектте, жәми 1276,7 километрлик узынлықтағы коллекторларда 55 миллиард 835 миллион сумлық реконструкциялаў, оңлаў ҳәм тиклеў жумыслары режелестирилди. Әмелде 1285,1 километрлик узынлықтағы коллекторларда 56 миллиард 259 миллион сумлық реконструкциялаў, оңлаў ҳәм тиклеў жумыслары алып барылды.

Бул жумысларда 1,5 миллион м3 топырақ, 8,1 мың м3 бетон ҳәм
12,4 мың м3 тас жумыслары алып барылып, оған 81 экскаватор, 26 бульдозер, 73 басқа техникалар ҳәм 322 жумысшы хызметкерлер тартылды.

Бул жумыслардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде,
24 мың гектарлық майданның суў менен тәмийинлениўи жақсыланып, 17 мың гектар майданның мелиоративлик жағдайларының жақсыланыўына ерисилди.

Ал, быйыл белгиленген бағдарлама тийкарында 18 ирригациялық объектте, жәми 49 миллиард 575 миллион сумлық, 91,6 километрлик узынлықтағы каналларды қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары режелестирилди. Ҳәзирги күнге шекем 39,4 километрлик узынлықтағы каналларда 35 миллиард 237 миллион сумлық қурылыс ҳәм реконструкциялаў жумыслары алып барылды.

Сондай-ақ, 12 мелиоративлик объектте, жәми 135 километрлик узынлықтағы коллекторларда 37 миллиард 895 миллион сумлық қурылыс ҳәм реконструкциялаў жумыслары режелестирген. Бүгинги күнге келип 51 километрлик узынлықтағы коллекторларда 23 миллиард 521 миллион сумлық қурылыс ҳәм реконструкциялаў жумыслары алып барылды.

Сондай-ақ, 1145 километрлик узынлықтағы жәми 16 мелиоративлик объектте 41 миллиард сумлық коллектор тармақларын оңлаў ҳәм тиклеў жумыслары режелестирип, әмелде 668,6 километрлик узынлықтағы коллекторларда 22 миллиард 28 миллион сумлық оңлаў ҳәм тиклеў жумыслары алып барылды.

Буннан тысқары усы жумыслардың даўамы сыпатында 2023-2025-жылларда ирригациялық объектлер бойынша 291 миллиард 128 миллион сумлық қаржылардың есабынан 458,2 километрлик каналды, 12 гидротехникалық қурылманы, 9 м3/секундлық насос станцияларын, 9 кѳпирди қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары режелестирилген. Сондай-ақ, мелиорациялық объектлер бойынша 239,3 километрлик, баҳасы 142 миллиард 677 миллион сумлық коллектор тармақларының қурылыс ҳәм реконструкциялаў жумыслары режелестирип алынды.

Бул жумыслардың жедел әмелге асырылыўы ушын барлық мүмкиншиликлерден пайдаланылады. Нәтийжеде, 59,1 мың гектарлық майданның суў менен тәмийинлениўи жақсыланып, 69 мың гектар майданның мелиоративлик жағдайы жақсыланыўына ерисиледи.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги

 

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF