ХОЖЕЛИДЕ ПАХТА ЖЫЙЫН-ТЕРИМИ БАСЛАНДЫ
Хожели районы «Саманкөл» аўыл пуқаралар жыйынындағы « Midasiatex cluster» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы хожалықта быйылғы жылғы пахта жыйын-теримин шөлкемлескенлик пенен өткериўге бағышланған илаж болып өтти.
Онда район ҳәкимлери, секторлардың, тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң басшылары қатнасты.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев қатнасып, жетистирилген өнимди сепситпей жыйнап алыў бойынша алда турған жуўапкершиликли ўазыйпаларға тоқтап өтти.
Мапазда аўыл хожалығы техникаларынан нәтийжели пайдаланыў, жыйын теримге қатнасыўшыларға жетерли шараят жаратыўға айрықша итибар қаратыў зәрүрлиги атап өтилди. Жыйын-терим дәўиринде мәжбүрий мийнетке жол қойылмайды.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Д.Қайпов бул бағдарда әмелге асырылатуғын ўазыйпаларға тоқтап өтти.
Усы күнниң өзинде быйылғы жылдың дәслепки зүрәәти қабыл етип алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги