ШЫМБАЙДА ЖАҢА ИЛИМ ДӘРГАЙЫ АШЫЛДЫ
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев «Жаңа Өзбекстан» бағында өткерилген пүткил халқымыздың уллы байрамы есапланған – Ғәрезсизлик күни байрамында шығып сөйлеген сөзинде, «Жаңа Өзбекстан дегенде, ҳәр бир пуқарасы ушын ғамқорлық ететуғын, ашық ҳәм әдалатлы жәмийет деп түсиниледи.
Бул жоқары шеклерге ерисиў 2026-жылға шекемги Раўажланыў стратегиясы шеңберинде кейинги жумысларымызды 5 тийкарғы ўазыйпа бойынша шөлкемлестиремиз.
Бириншиден, билимлендириў тараўында перзентлеримиз заманагөй билим ҳәм көнликпелерди пуқта ийелеўи ушын ең қолайлы шараятлар жаратыўды избе-из даўам еттиремиз. Оның ушын мектеплердиң оқыў бағдарламалары, оқытыў методикасы, сабақлықлар мазмуны түпкиликли қайта көрип шығылады.
Бул система алдын алдынғы сырт ел қәнигелери тәрепинен экспертизадан өткерилип, соң турмысқа енгизиледи. Нәтийжеде Жаңа Өзбекстанның мектеп питкериўшиси заманагөй көнликпелерди ийелеген, мәлимлеме технологияларын пуқта өзлестирген, креатив пикирлейтуғын, еркин қарар қабыл ете алатуғын, ой-өриси кең шахс болып жетиседи. Оның ушын барлық аймақларымызда, әсиресе, аўыллық жерлерде мектеплер қурыў, оларды маман педагог кадрлар менен тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар беремиз, » деген еди.
Бүгинги күни жәмийетшилигимиз турмысында буның айқын мысалын көрмектемиз. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары ҳәм оның жуўмақларына бағышланған мәжилис протколында Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Шымбай факультетин шөлкемлестириў көрсетилген еди. Усы протокол тийкарында Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик жоқары билимлендириӯ шөлкемлерине оқыӯға қабыл етиӯ процесин муӯапықластырыӯ бойынша Мәмлекетлик комиссияның 2022-жыл 4-июль күнги 1-санлы мәжилис протоколы менен Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Шымбай факультети ушын 2022-2023-оқыў жылына өз алдына 95 орынлық квота ажыратылып, оған 2022-2023-оқыў жылында әмелий психология, инглис тили, математика, қарақалпақ тили бакалавр тәлим бағдарлары бойынша студентлер қабылланды.
Кеше арқа районлар халқы турмысында әҳмийетли орын тутатуғын усы жаңа жоқары оқыў орнының ашылыў мәресими болып өтти.
Оған Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректораты, профессор-оқытыўшылары, район ҳәкимлиги басшылары, депутатлар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Шымбай факультетиниң ашылыӯ мәресиминде район ҳәкими А.Тажетдинов, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры А.Реймовлар жыйналғанларды Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 31 жыллық байрамы ҳәм жаңа факультеттиң ашылыӯы менен қызғын қутлықлап, дәслепки студентлерге «Студентлик гүӯалықларын» тапсырды.
Соңынан оқыў дәргайы алдына кесе тартылған дәстүрий лента кесилип, илаж қатнасыўшылары факультеттиң ишки мүмкиншиликлери, студентлер ушын жаратылған имканиятлар менен жақыннан танысып, келешекте бул илим дәргайынан елимизге белгили кәмил инсанлар жетилисип шығатуғынлығына исеним билдирди.
-Бурын районымыз жаслары Нөкис ҳәм Ташкент қалаларында жайласқан жоқары оқыў орынларында оқып билим алар еди. Ал, енди болса, өзимиздиң Шымбайда билим алатуғын болды. Буның ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдиремиз,-дейди нураный аталарымыздың бири Бахтияр Юсупов.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы