ЖАМАЛЫ ЖАҢАРҒАН МӘКАН
Буннан бир-еки ай алдын автобуста жасы биразларға барған еки апаның сәўбети ерксиз дыққатымды тартқан еди.
— Әй, достым-әй, бизиң аймақта жумыс қызғын. Көшелеримиз асфальтланып, жақтыландырғышлар орнатылып, тозыўы жеткен суў трубаларымыз да өзгертилип атыр. Қайсы бирин айтайын, анаў «Ветеран» аўылда суў жоқ еди ғой, быйыл оларға да суў тартылып берилди.
Жолларды айтпайсаң ба, теп-тегис, ийниң қыймылдамайды. Баяғыға қарама, көлигиң менен арқайын келебер. Ойлы-бәлент, орпаң топырақ жол емес енди. Әсиресе, көшемизде түнде светлер жанып, тап күндизгидей жап-жарық, - деп толып-тасып, жаңалықты ҳаўлығып жеткизгенлери еле есимнен кетпейди. Ҳақыйқатында да, ўақыт деген, көзди ашып жумғанша «Әмиўдәрья» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында айтыўға арзырлық өзгерислер, унамлы жаңаланыўлар болыпты. Жаңадан еки балалар майданшасы қурылып, пайдаланыўға тапсырылыпты. Қуўанарлысы, дерлик барлық көшелер тегисленип, өзгеше түске енипти. Аймақ турғынларының бундай итибар ҳәм өзгерислерден кеўиллери көтериңки екенлигин ҳәр бириниң жүзиндеги қуўаныштан, аўзын толтырып, қуўанып айтқан гәплеринен де байқаў қыйын емес. Тийкарғысы, бүгинлиги «Әмиўдәрья» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында түрли миллет ўәкиллери бир атаның баласындай болып аўызбиршиликли жасамақта. Аймақта жаслар ушын тәрбия мектеби — өмир жолы өрнек боларлықтай шаңарақлар көпшиликти қурайды.
Жыйын баслығы Жумагүл Амангелдиева басшылығында көше бийлери менен жийи-жийи ойласыў, кеңесиў, жаслардың тәрбиясына итибарлы болыў, пуқаралардың турмысы ҳаққында, жумыссызларды ис пенен тәмийинлеў бойынша сәўбетлесиў кешелери өткериледи. Қайсы бир шаңарақтың басына ис түссе аймақ турғынларының бәри жан күйдирип, қолынан келгенинше жәрдемлерин аямайды. Қуўанарлысы, аймақтағы көшелердиң асфальтланғаны, азадалығы кимниң болса да дыққатын тартпай қоймайды. Өзим де аймақта болып, «Көз бенен көрип, қулақ еситкендей» айтыўға арзырлық өзгерислердиң болғанына исеним арттырдым.
— Қудайға шүкир, аймағымыз тыныш-татыў. Көрип турғаныңыздай, көшелеримиз асфальтланды. Түнги жақтыландырғышлар, тротуарлар салынып, көшемиздиң шырайы шығып, алдынғыдан бир талай өзгерди. Буның ушын бизлер Журтбасшымызға рахмет айтамыз. Алдынлары орпаң топырақ жаўын, қар жаўа қойса нешше күнге дейин батпақ, суў толып, көл болар еди. Усындайда өзимиздиң де жумысқа барыўымыз, әсиресе, балалардың мектепке, бақшаға барыўы дым қыйыншылық туўдырар еди. Такси шақырсақ та мәнзилди айтыўдан «Саранча ма» деп келгиси келмейди. Бир жағынан ылай, ызғарда жүриў аяқ кийимниң де жаўы ғой. Мине, енди ҳеш қыйналмаймыз. Үйимиздиң алдына дейин асфальт, аяғың шық илмейди. Балаларымызда көшени толтырып, тегис жолда ролик ушып ойынды қатырып атыр. Биз аймақ турғынларының мүшкилин жеңил етип, турмыс шараятымызды жақсылаў ушын исленип атырған жумыслар жети жастан жетпис жасқа дейинги бәримизди руўхландырып, қуўанышқа бөлеп атыр, -дейди аймақтағы «Тахтакөпир» көшесиниң турғыны Гүлимхан Палекеева.
Сондай-ақ, пуқаралар жыйыны тәрепинен жумыссызлықты сапластырыў бойынша да бир қанша итибарлы жумыслар әмелге асырылып, қолында өнери бар, истиң көзин билетуғын пуқараларға жумысын баслаўға жәрдем берилип атыр. Еки балалар майданшасы қурылып, дерлик барлық көшелер тегисленип, ел басшыларының нәзери түскен аймақ абаданласып атыр. Және де айта кететуғын нәрсе, аймақтағы балалар бақшасы перзентлердиң шадлы күлкисине толы болса, 24-санлы улыўма орта билим бериў мектеби де оңлаўдан шығып, жаңа оқыў жылында оқыўшыларды күтип алып, қушағын толтырыўға тайын тур.
— Быйыл мектебимизди бир жүз еки бала питкерген болса, соннан елиўден зыяты жоқары оқыў орынларында студент болыў бахтына еристи. Буның менен мен не демекшимен, буның түп тийкарында жасларға жаратылып берилип атырған имканиятлар жатыр. Президентимизге рахмет, улыўма билимлендириў тараўы, жасларымыз ушын көп нәрселер ислеп атыр. Билими бар, бирақ, қаржы жағынан қолы келтелеў шаңарақтың балаларының шәртнама пуллары төлеп берилип атыр. Алжаспасам, өткен жылы он үш баланың контракты мәмлекет тәрепинен төлеп берилди. Және де айтайын дегеним, ҳәзир мектеплерде алтын, гүмис медальлары енгизилди. Бул дегени, билимге қуштар, дойнағында барлардың мийнетлерин баҳалаў. 2021-2022-оқыў жылында мектебимизден 7 оқыўшы алтын, 2 оқыўшы гүмис медаль менен питкерип, оқыўға кирип, исенимди ақлады. Ал, енди быйылғы 2022-2023-оқыў жылында мектеп деп аталмыш «алтын уяға» дәслепки қәдемин таслайтуғын перзентлеримиз ушын да барлық шараят жаратылып, олар ушын Президентимиз саўғалары тайын тур, - дейди 24-санлы мектеп директорының оқыў ислери бойынша орынбасары Ж.Абезмуратов.
Әлбетте, быйылғы жыл «Әмиўдәрья» МПЖ турғынлары ушын қутлы келди, десек асыра айтқан болмаймыз. Себеби, аймақ аўыр жағдайын умытып, күн сайын жаңаланып, ал, жыйналып қалған машқалалар болса унамлы шешимин таппақта. Демек, булардың бәри көз қуўандырарлық, ибратлы ислердиң әмелге асыўы нәтийжесинде «Әмиўдәрья» мәкан пуқаралар жыйыны пайызлы мәканға айланбақта.
С.ТУРДЫБЕКОВА.
СҮЎРЕТТЕ: аймақ турмысынан көринис.