ЖУМЫСТЫ ЖАНЛАНДЫРАТУҒЫН ҲҮЖЖЕТ
Елимизде халыққа хызмет көрсетиў талабын жақсылаў мақсетинде бир қанша нызамлар, пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилип, буннан гөзленген тийкарғы мақсет — пуқараларымызға жеңиллик жаратыўдан ибарат.
Атап айтқанда, жаңадан қабыл етилген Нызам ҳүжжетлери тийкарында мәмлекетимизде халық хожалығының барлық тараўларындағы жаңаланыўлар, өзгерислер бизиң халқымыздың ийгилигине хызмет етиўде жаңа имканиятлар, қолайлылықлар жаратыў, олардың мүшкилин жеңиллестириўге хызмет етиўи көзде тутылған. ПҲАЖ тараўында экстерриториал принцип бойынша жумыс алып барылып атырғаны, мине усындай жеңилликлерден бири саналады.
Негизинде, экстерриториал принцип — бул пуқаралар турақлы яки ўақтынша жасаў жеринен ҳәм де юридикалық шахслар почта мәнзилинен, жайласқан жерине қарамастан, өзлери қәлеген аймақтағы Мәмлекетлик хызметлер орайына мүрәжат етиў имканияты болып есапланады. 2019-жыл 15-февральда Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң миллий системасын буннан былай да комплексли раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилиўи, экстерриториал принципке өтиў процесине жол ашып берди ҳәм усы жылдың өзинде халыққа мәмлекетлик хызметлер көрсетиўде дәслепки қәдемлер тасланды. Бул принципке өтиў арқалы мәмлекетлик уйымлар, жергиликли орынлаўшы ҳәкимият уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлерде бурынғы бюрократиялық тәртиплер, артықша қағазпазлық жумысларын шөлкемлестириў ушын оншелли әҳмийети болмаған ҳүжжетлерди талап етиў, пуқаралардың әўерешиликке түсиўиниң алды алынып, бундай ҳәлекшиликке шек қойылды.
Ал, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 23-марттағы «Халық ҳәм исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўда және де қолайлы шараятлар жаратыў, бул бағдарда бюрократиялық тосқынлықларды қысқартыў бойынша илажлар ҳаққында»ғы Пәрманы нызамшылығымыздың жетилисиўи болды, деп атап өтсек болады.
ПҲАЖ уйымлары искерлигинде экстерриториал принципиниң енгизилиўи, пуқаралардың турақлы яки ўақтынша жасаў жеринен ҳәм юридикалық шахслардың почта мәнзили жайласқан жерине қарамастан, қәлеген аймақтағы ПҲАЖ уйымларына мүрәжат етиў мүмкиншилигин жаратады.
Соның менен бир қатарда, нотариал хызметлерди әмелге асырыў процесинде, пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў менен байланыслы барлық мағлыўматларды нотариал уйымлары тәрепинен мәмлекетлик хызметлер уйымлары яки ПҲАЖ уйымларына мүрәжат етпестен ғәрезсиз түрде пуқаралардан артықша мағлыўматлар талап етпестен, ПҲАЖ уйымының бирден-бир электрон архиви мәлимлеме системасы арқалы алынады.
Улыўмаластырып айтқанымызда, бул қарар ПҲАЖ уйымлары искерлигин жаңа ҳуқықый тәртип принциплери, пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардың конституциялық ҳуқықларын жүзеге шығарыўда, олардың электрон хызметлеринен кең пайдаланыўын қоллап-қуўатлаўда да мәкемелер аралық интеграцияны күшейтиўде айрықша роль атқарады. Ең әҳмийетлиси, халыққа мәмлекетлик хызмет көрсетиўдиң сапасы жақсыланады.
С.ПИРНАЗАРОВА,
Нөкис қаласы ПҲАЖ бөлиминиң баслығы.