ПРЕЗИДЕНТ ПӘРМАНЫ: ЖАҢА ИМКАНИЯТЛАР ҲӘМ ЖЕҢИЛЛИКЛЕР
Хабарыңыз бар, усы жылдың 26-август күни ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёев Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң нәўбеттен тысқары 34-сессиясында қатнасып, сессияда Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў, аграр тараўдағы мәселелерди шешиў, санаат жойбарларын көбейтиў, инфраструктураны, халықты социаллық қорғаў, жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм бир қатар жеңилликлерди бериў бойынша зәрүр тапсырмаларды берген еди.
Усы жылдың 31-август күни, сессия күн тәртибинде берилген тапсырмалар ҳәм де Қарақалпақстан Республикасының экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыўды нәзерде тутыўшы — Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПП-213-санлы Пәрманы қабыл етилди.
Әлбетте, мәмлекетимизде қабыл етилип атырған нызамшылық ҳүжжетлери, түпкиликли реформалар ең дәслеп «Инсан қәдири ушын» деген ийгиликли принцип тийкарында әмелге асырылмақта.
Усы орында атап өтиўимиз лазым, кейинги 6 жылда Арал бойы аймағын, соның ишинде Қарақалпақстан Республикасын комплексли раўажландырыўға қаратылған бир қатар Президент ҳүжжетлери ҳәм ҳүкимет қарарлары қабыл етилди ҳәм оларда халқымыз ушын бир қатар жеңилликлер берилди.
Мәселен, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 18-январьдағы «2017-2021-жылларда Аралбойы регионын раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы қарарында Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты ушын балалар бақшасына, «Бәркамал әўлад», көркем-өнер ҳәм музыка мектеплериндеги шынығыўлар ушын ата-аналардың ҳәр айлық төлеминиң муғдары 2 есеге кемейттирилди, мүтәж ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларға бир мәрте берилетуғын материаллық жәрдем формасындағы социаллық напақа енгизилди.
Сондай-ақ, 2017-жылдың 1-февраль күнинен баслап усы аймақ ушын темир жол ҳәм авиажолаўшылар билетлерин сатып алыў ушын жеңилликлер берилип, халқымыз олардан усы жылдың басына шекем пайдаланып келди.
Мине, Президентимиздиң жаңа Пәрманы менен, 2022-жыл
15-сентябрьден баслап Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятларында жасайтуғын жасына байланыслы пенсия ҳәм напақа алатуғынлар, майыплығы болған адамлар ушын темир жол ҳәм авиажолаўшылар ушын билетлерди сатып алыўда 50 процентлик жеңилликли тарифлер қайта тикленди.
Елимизде ҳәр дайым жаслар сиясаты — мәмлекетлик сиясат дәрежесинде қарап келинеди. Әсиресе, оларға сапалы тәлим бериў, жасларды жоқары оқыў орынларына қамтып алыў, илимли-билимли етиў, кәсип-өнерге үйретиў, бәнтлигин тәмийинлеў әҳмийетли ўазыйпа сыпатында белгиленген.
Жаңа Пәрманда билимлендириў ҳәм жаслар мәселелери де орын алған.
Атап айтқаңда, 2022-2023-оқыў жылында Қарақалпақстан Республикасында улыўма орта, орта-арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерин тамамлаған 500, кейинги жыллары ушын болса ҳәр жылы 1-сентябрьге шекем 6 500 жаслар ўәлаятлардағы мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине қосымша қабыллаў параметрлери тийкарында оқыўға қабыл етиледи;
Қарақалпақстан Республикасындағы мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерин күшли профессор-оқытыўшылар менен тәмийинлеў мақсетинде мәмлекетимиздиң жетекши жоқары оқыў орынларында экология, аўыл хожалығы, ирригация ҳәм қурылыс бағдарлары бойынша 2023-жылдан баслап, таяныш докторантурада кадрларды мақсетли таярлаў жолға қойылады;
2022-жыл 1-октябрьден баслап Қарақалпақстан Республикасы аймағында мектепке шекемги билимлендириў тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик бойынша келисимлерге қол қойыў, бурынғысынан басқаша тәризде, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги тәрепинен әмелге асырылады;
2022-жыл 1-октябрьден баслап 5 жыл мүддетке Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлериниң оқыў процесине қамтып алынған сырт елли қәнигелер (оқытыўшылар) Өзбекстан Республикасы аймағында жумыс ислеў ҳуқықын беретуғын тастыйықнамаларды рәсмийлестириў ҳәм бериў (создырыў) ушын өндирилетуғын төлем, Өзбекстан Республикасына кириў визасын алыў ушын консуллық жыйымлар ҳәм жасаў орнына дизимге алыў ушын өндирилетуғын мәмлекетлик бажы төлеминен азат етиледи.
Соның менен бир қатарда, пәрман менен тастыйықланған жол картаға тийкарланып, 2022-2024-жылларда Қарақалпақстан Республикасы мәҳәллелеринде мийирбийкелик қәнигелиги бойынша оқыўды тамамлаған ҳәм ҳәзирги ўақытта жумыссыз болған ҳаял-қызлардың маманлығын арттырыў арқалы бәнтлигин тәмийинлеў ўазыйпасы қойылған. Бунда «Ишга марҳамат» моноорайларында мийирбийкелердиң маманлығын арттырыў курсларының жумыслары жолға қойылады.
2022-2026-жылларда Қарақалпақстанда мектепке шекемги билимлендириў, улыўма орта билимлендириў ҳәм медицина объектлерин қурыўға мәмлекетлик бюджет есабынан қосымша 5 триллион сум ажыратылады.
Сайлаўбай МАМБЕТҚАДЫРОВ,
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри.