Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:45:23, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚОҢЫРАТЛЫ ПАЛЎАНЛАР ЖЕҢИМПАЗ

Нөкис қаласындағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде кураш бойынша «Қарақалпақстан Республикасы прокуроры кубоги» жарысы болып өтти.

Елимиз ғәрезсизлигиниң 31 жыллығы ҳәм «6-сентябрь-кураш миллий спорт түри күни» мүнәсибети менен еки күн даўамында өткерилген жарыста республикамыздың қала ҳәм районларынан келген палўанлар командалық, сондай-ақ мәмлекетимиздиң күшли палўанларының қатнасыўында абсолют жеңимпазлық ушын беллесиўлер болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы, Қарақалпақстан Республикасы Спортты раўажландырыў министрлиги, Өзбекстан кураш федерациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилген жарыстың ашылыў салтанатында атап өтилгениндей, елимизде Президентимиздиң басшылығында спортты, соның ишинде, миллий курашты раўажландырыўға айрықша әҳмийет берилмекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 4-ноябрьдеги «Кураш миллий спорт түрин раўажландырыў ҳәм оның халықаралық абырайын буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары айрықша әҳмийетке ийе болды. Қарарға муўапық кураш спорт түрин 2025-жылға шекем жаңа басқышқа алып шығыў концепциясы, оны әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» тастыйықланды.

Жоқарыдағы қарар талапларын орынлаў бағдарында Өзбекстан Кураш федерациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен айтарлықтай жумыслар әмелге асырылғанлығы айрықша атап өтилди. Қала ҳәм район, республика бириншиликлери өткерилип, оның жеңимпазлары баҳалы саўғалар менен сыйлықланып келинбекте. Бул илажларды өткериўде Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы, қалалық ҳәм районлық прокуратуралар жақыннан жәрдем бермекте. Ҳәр жылы прокурор кубоги ушын жарыслардың өткерилиўи миллий спорт түрин жасларымыз арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў, олардың қызығыўшылығын арттырыўда айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

«Қарақалпақстан Республикасы прокуроры кубоги» жарысында қалалық ҳәм районлық басқышларда жеңимпаз болған палўанлар қатнасты. Командалық есапта Қоңырат районының палўанлары биринши орынды ийелеп, кубок жеңимпазы болды. Екинши орынды Әмиўдәрья районы, үшинши орынларды Кегейли ҳәм Нөкис районының палўанлары қолға киргизди.

Бәршениң дыққат-итибары абсолют бириншиликке қаратылды. Қарсыласлары үстинен жеңиске ерискен белгили палўанлар, Хорезм ўәлаятынан Балтабай Балтаев ҳәм республикамыздың ўәкили Захриддин Зайтовлар өз-ара беллести. Бул беллесиўде Балтабай Балтаев жеңиске ерисип, абсолют чемпионлықты қолға киргизди. Үшинши орынларды Самарканд ўәлаятынан Санжар Неъматов ҳәм республикамыздан Мирбек Абдихаликовлар ийеледи.

Сыйлықлаў мәремисинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Қарақалпақстан Республикасының прокуроры Э.Таджиев қатнасып, жеңимпазларды қутлықлады. Абсолют бириншиликте биринши орынды қолға киргизген палўан 50 миллион сум, екинши орын 25 миллион сум, үшинши орынның ҳәм бири 10 миллион сумнан ақшалай сыйлық, диплом ҳәм медальлар менен сыйлықланды.

Командалық жарыстың сыйлы орын ийелерине диплом, кубок ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды. Сондай-ақ, «Ең жақсы төреши», «Ең жақсы тренер» ҳәм «Ең жақсы спортшы» номинациялары бойынша жеңимпазлар анықланып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлықланды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF