Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:31:08, 22.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАНЛЫКӨЛДЕ ПАХТА ТАПСЫРЫЎ БАСЛАНДЫ

«Алтын гүз»диң басланыўы менен аўыл хожалығында жумыслар «балалап» кетеди. Бул мәўсимниң ҳәр бир күни, ҳәр бир деми дийқанлар ушын оғада ғәниймет. Сонлықтанда республикамыз дийқанлары гүз пасылының ашық-жарық күнлеринен нәтийжели пайдаланыўға ҳәрекет етеди.

Қанлыкөл районының дийқан-фермерлери бәҳәр мәўсиминде 4600 гектар жерге шигит сеўип, оннан бир тегис нәли алыўға еристи ҳәм агротехникалық қәделерге сай тәрбия жумысларының жүргизилиўи нәтийжесинде ғаўашалардан мол зүрәәт жетистирди.

Мине, усы жетистирилген зүрәәттиң бир ханасын да зая етпестен терип алып, мәмлекетимиз қырманына тапсырыў бүгинги күнниң ең баслы ўазыйпасы болып тур.

Кеше Қанлыкөлдеги пахта қабыллаў пунктлеринде фермер хожалықлары тәрепинен жетистирилген «ақ алтын»ды қабыллаў мәўсими баслап жиберилди.

Пахта қабыллаў мәўсиминиң басланыўына бағышланып өткерилген илажда  район ҳәкими А.Ибрагимов, сектор басшылары шығып сөйлеп, аўыл хожалығы тараўы хызметкерлерин быйылғы жылдың қабыллаў мәўсими басланғаны менен қызғын қутлықлады ҳәм атызларда топланған зүрәәттиң бир де грамын сепситпей жыйнап алыўға шақырды.

Буннан соң сектор басшылары пахта қабыллаў пунктиниң жумыс ислеў барысы, дийқан-фермерлер ҳәм хызметкерлер ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысып, бул бойынша өзлериниң пикирлерин билдирди.

Соңынан район фермер хожалықларының жетистирген пахта зүрәәтиниң дәслепки тонналары қабылланып, алдынғы хожалық баслықлары ҳәм механизаторларға сыйлы саўғалар тапсырылды.

Мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз керек, быйылғы жылы Қанлыкөл районы фермерлери мәмлекетке 11 000 тонна пахта тапсырыўды режелестирген ҳәм бул режени қысқа күнлерде орынлаў ушын аянбастан мийнет етпекте.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы

 

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF