Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:46:52, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МҮРӘЖАТЛАРҒА ЖУЎАП БЕРЕДИ

Газетамыздың усы жыл 13-август­тағы №96 (20806) санында жәрияланған «20 жылға созылған даў ямаса пуқаралардың үй алды қыйтақ жерлериниң суўсыз қалыўына ким айыплы?» атамасындағы сын мақалаға Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары А.Өтемуратовтан усы жыл 29-август күни жуўап хат келди. Жуўап хаттың мазмуны төмендегише:

«Еркин Қарақалпақстан» газетасының 2022-жыл 13-августтағы №96  санында «20 жылға созылған даў ямаса пуқаралардың үй алды қыйтақ жерлериниң суўсыз қалыўына ким айыплы?» атамасында Кегейли районы менен байланыслы болған сын мақала жәрияланды.

Мақалада Кегейли районы «Бахытлы» МПЖның «Қумөзек», «Көкөзек», «Тентек­өзек», «Камалат» ҳәм «Табыскер» көшелеринде жасаўшы пуқаралардың қыйтақ жерлерин суўғарыў ушын  «Тентек жап»тан алатуғын сағасының басына «Қумөзек» көшесинде жасаўшы пуқаралар Б.Муратова ҳәм баласы Б.Қутжановлардың сағаға өтиўши жолды нызамсыз ийелеп, темир қорған менен қоршалап, ҳеш кимди киргизбей атырғанлығы қыйыншылықларды пайда етип кия­тырғанлығы ҳәм бул бойынша ра­йон басшылары тәрепинен сезилерли жумыс алып барылмай атырғанлығын сынға алған. Ал, ҳақыйқатында болса, усы аймақ пуқараларының 20 жылға жақын ўақыттан берли машқала болып киятырған мүрәжаты быйылғы жылға келип, Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратов тәрепинен итибарға алынып, жуўапкер тараў басшыларына тийисли тәртипте тапсырмалар бериўи ҳәм орынланыўын қадағалаўға алғанының нәтийжесинде даўлы мәселе нызам жолы менен тийисли тәртипте шешилиўи зәрүрлиги анықланып, Кадастр агентлиги Кегейли районы бөлими тәрепинен пуқаралық ислери бойынша Шымбай районлар аралық судына даўа арза киргизилип, усы судтың 2022-жыл 20-июль күнги шешими менен талапкер Кадастр агентлигиниң даўасының бир бөлими қанаатландырылып, жуўапкер Б.Қутжановтың Кегейли районы «Бахытлы» МПЖ «Қумөзек» көшесинде жайласқан турақ жай имараты жер майданына тутас болған 5 метр жер орынға өзбасымшалық пенен қурыл­ған темир қорғанды жуўапкер Б.Қутжановтың есабынан мәжбүрий буздырыў ҳаққында қарар қабыл етилген.  

Усы судтың қарарының жуўмақлаўшы бөлиминде қарар үстинен қарар шығарыл­ған күннен баслап усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына бир ай мүддет ишинде апелляция тәртибинде шағым етиў ямаса прокурор протест келтириўи мүмкинлиги көрсетилген.

Усылардан келип шығып, жуўапкер Б.Қутжанов суд қарарына наразы болып, Қарақалпақстан Республикасына судына апелляция киргизгенлигин ҳәм оның жуўмағы менен кейинги ис-ҳәрекетлер нызам тийкарында әмелге асырылыўы мүмкинлигин мәлим етемиз».

Лекин, биз Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары А.Өтемуратовтың жуўабынан қанаатланбадық. Себеби, бириншиден, жуўап хатта айтылған бир ай мүддет 20-август күни тамам болды. Екиншиден, суд бул бир ай мүддетти жуўапкерге апелляция тәртибинде шағым арза киргизиў ушын берген. Үшиншиден, сын мақалада айтылған жер орны ҳәкимияттың резервиндеги жер орны болып есапланатуғыны рас болатуғын болса, онда неге Кегейли районы ҳәкимлиги бизге судтың қарары бир ай мүддет ишинде орынланады, деп ҳәрекетсиз қарап отырғаны түсиниксиз. Кегейли районы ҳәкимлиги өзине тийисли жер орнын өзи талап етип, қайтарып алыўды қашан үйренеди! Қашанға шекем оған пуқаралар ҳәм журналистлер ислейтуғын жумысын көрсетип ҳәм нызамбузыўшылықларды сапластырыўды үйретип жүриўи керек!

***

Сондай-ақ, газетамыздың усы жыл 23-август күнги №100 (20810) санында да «Президенттиң «Халықты разы етиў керек» деген сөзлери қашан әмелде өз тастыйығын табады?» атамасындағы сын мақала жәриялан­ған еди. Усы жылдың 29-август күни сын мақалаға Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары Б.Давлетовтан жуўап хат келди. Жуўап хаттың бәрин келтирип отырмаймыз. Тек ғана жуўмағын айтып өтемиз:

«...Сол себепли усы жылдың 25-май сәнесинде №01-1243-санлы ҳәм 16-июнь күни №01-1402-санлы хат пенен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине, 4-август күни №01-1769-санлы хат пенен Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигине 2-санлы кәсип-өнер мектебинде ашылыўы режелестирилип атырған қәнигелестирилген мектепти район орайында жайласқан Хызмет көрсетиў техникумына өзгертип бериў бойынша район ҳәкиминиң атынан усыныс хат шығарылғанлығын ҳәм бул бо­йынша район ҳәкимлигине еле жуўап хаты қайтарылмағанлығын мағлыўмат ретинде жоллаймыз».

Жуўап хаттан мәлим болғанындай, сын мақалада сөз етилген машқала елеге шекем өз шешимин таппаған. Кегейли районы ҳәкимлигиниң усы жылдың 25-май күнги №01-1243-санлы ҳәм 16-июнь күнги №01-1402-санлы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине, 4-август күнги №01-1769-санлы Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигине  жиберген усыныс хатларын тек ғана факт ретинде қабыллаў мүмкин. Себеби, усы күнге дейин Кегейли районы ҳәкимлиги жиберген усыныс хатларының дерегин сорамай, ҳәрекетсиз отырғанына ҳайран қалмастан басқа ҳеш қандай илажымыз жоқ. Редакция усы сын мақалаға Кегейли районы ҳәкимлигинен жуўап хат сораған күннен берли де ҚР Минис­трлер Кеңеси ҳәм ӨзР Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен жуўап хаттың дерегин сорап байланысқанның өзинде де бул машқала өз шешимин тапқан болар ма еди! Жуўап хаттан белгили болғанындай, Кегейли районы ҳәкимлиги Халқабадтағы 2-санлы кәсип-өнер мектебиниң муғаллимлериниң ҳәм оқыўшыларының машқаласына итибарсыз қарағаны көринип тур.

Сағынбай ОРАЗЫМБЕТОВ,

өз хабаршымыз. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF