МИЙНЕТ ИНСАНДЫ БАХЫТҚА БӨЛЕЙДИ,
- ДЕЙДИ ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНА
ХЫЗМЕТ КӨРСЕТКЕН ХАЛЫҚ БИЛИМЛЕНДИРИЎ ХЫЗМЕТКЕРИ ТАМАРА УТАМБЕТОВА
Жийи айтылатуғын бул пикир қаҳарманымыз турмысында да өз тастыйығын тапқан. Мен үйине излеп барғанымда ол қыйтақ жериндеги бағда мийўели дарақлар, помидор, қыяр араларындағы шөп-шарларды алып, таўықларға жем берип жүрген екен.
Ҳақыйқатында, мен Тамара апамызды торқалы юбилей жасында ҳәм қутлықлап, ҳәм усы бәне менен оның үлгили өмир жолын газета оқырманларына өрнек сыпатында таныстырыўды мақсет еткен едим. Ақыры, ол көп жыллар даўамында келешек әўладларға тәлим-тәрбия берген, устазларға устазлық еткен инсан есапланады.
Бағқа кирип барар екенмен, алма, алмурт, қәрели, жүзимниң түрли сортларын, помидор, қыяр, баклажан, басқа да жасыл дөнип, жайнап турған дақылларды көрип, ерксиз:
— Апа, бағманыңыз бар ма? - деп сорадым.
— Бағман өзлеримиз. Напақаға шыққан соң бос, қарап жатқымыз келмеди. Ҳәрекет болмаса отырып қаламыз ғой, балам. Атызыңнан алып жегенге не жетсин?! - деди ол.
Усындай жасқа келсе де тынып-тыншымайтуғын Тамара апамыздың үлги тутарлық тәреплери көп екен. Соның арасында қоңсы келиншек:
— Ойласып алайын, деп едим, - деп келди. Оның да кеўлин қалдырмай, кеңесип те алды.
— Қоңсы-қобада мереке болса, жасы үлкеншилик етемиз. Қоңсылар татыў болса, аўызбиршилик те, қарым-қатнас та жақсы болады. Ата-бабалар «Алыстағы ағайиннен жақындағы қоңсы жақын», деп айтқан ғой, - дейди Тамара апа.
Ол аўыл-аймағының да төрели жасы үлкени. Турғынлардың татыўлығына, жас шаңарақлардың беккемлигине жаны ашып, ақыл кеңеслерин бериўден шаршамайды. Ақыры, төрелиги менен басқаларды сөзинде турғызыў, жасы кишилерди изине ерте алыў ушын да ақыллылық керек екенлигин көпшилик биледи.
Медицина илиминиң дәлиллеўи бойынша интеллект тек әкеден қыз перзентке өтиўи мүмкин екенлиги айтылады. Бул қаншелли ҳақыйқатлыққа жақын екенлигин билмедим. Лекин, Тамара апамыздың ғайбарлығы, соған жараса әпиўайылығы, ақыл-парасаты, мийнеткешлиги, бир сөзлилиги оған әкесинен өткен болса керек.
Әкеси Есемурат Утамбетов ҳуқық қорғаў уйымларында әдалатлы басшы сыпатында көзге түскен. Республика прокуратурасында, суд системасында басшы лаўазымларда жумыс ислеген. Сол ўақыттағы Куйбышев районы, ҳәзирги Халқабадтың бой тиклениўинде, раўажланыўында басшы сыпатында үлес қосқан. Анасы Қамқа Иниятова тәлим-тәрбия тараўында ислеген. Төрелиги басым, кәтқуда, кем тәмийинленген көплеген шаңарақларға жәрдемин аямайтуғын кеңпейил инсан болған. Олар еки ул, алты қыз перзентти тәрбиялап, камалға келтирген, барлығы да халық хожалығының түрли тараўында жумыс ислеп, ҳәзир ҳүрметли демалыста.
Тамара Утамбетова олардың екинши перзенти болып 1942-жылы 7-сентябрьде Нөкисте туўылып, 1964-жылы Нөкис мәмлекетлик пединститутының рус тили ҳәм әдебияты қәнигелигин питкерди. Бул жылларда республикамызда оқытыўшылар жүдә аз, жетиспейтуғын еди. Соның ушын, Тамара апа студентлик жылларында-ақ оқытыўшылық жумысқа араласты. Хожели районындағы 4-санлы орта мектепте рус тили ҳәм әдебияты пәнинен сабақ берди. Кем-кем тәжирийбе топлап ҳәм өзиниң жумысқа жанкүйерлиги арқалы Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң мектепке шекемги тәрбия кабинети методисти, соң 1968-жылдан баслап К.Убайдуллаев атындағы муғаллимлердиң билимин жетилистириў ҳәм қайта таярлаў институтына «Мектепке шекемги тәрбия» кабинети баслығы, директор орынбасары, 1996-жылдан баслап, 2001-жылға шекем институт ректоры лаўазымында жемисли мийнет етти. Усы дәўирде республикамызда 761 мектепте 376 мыңнан зыят оқыўшыға 38 мыңға шамалас муғаллим тәлим-тәрбия беретуғын еди. Усы педагог-устазлардың кәсиплик маманлығын арттырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыўға, илимий-методикалық жумыслардың сапасын жақсылаўға, әсиресе, оқыў процесин жетилистириўге, сабаққа жаңа педтехнологияларды енгизиўге айрықша дыққат бөлди. Сол ушын да, жақсы нәтийжелерге еристи. Республикалық халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў институты базасында «Соғлом авлод учун» оқыў-методикалық орайының Қарақалпақстандағы филиалы шөлкемлестирилди. Ол усындай ийгиликли ислерди әмелге асырып, бағдарламаға тийкарланып, экологиялық мәселелерге бағышланған «Өз үйим — өлең төсегим» китабын баспадан шығарды. Тамара апа институтқа республикаға белгили алымлар — Т.Изимбетов, Ш.Тлеўбергенов, А.Пирназаров ҳәм басқа да көплеген профессор-оқытыўшыларды жумысқа тартып, билимлендириў сапасын жақсылаўға еристи. Соның менен бирге, илимий дөретиўшилик жумысларды да теңдей алып барды. Себеби, институт статусы өзгерип, муғаллимлер илимий-изертлеў жумысларын алып барыўға мүмкиншилик жаратылды. Сегиз темада изертлеў жумыслары жүргизилди. 1997-1999-жылларда муғаллимлердиң 87 алдынғы ис-тәжирийбелери үйренилип, республика көлеминде ен жайдырылды. Курс тыңлаўшылары ушын қолайлы 4 қабатлы имаратта 23 оқыў ханасы, 2 мәжилислер залы, спорт зал, жатақхана, соның менен бирге, олардың денсаўлықларын беккемлеў ушын санатория-профилактория үзиликсиз ислеп турды.
— Студентлик жыллары, - деп еске түсиреди Тамара Утамбетова, — 1963-жылы октябрьде ҳәм оқып, ҳәм жумыс ислеп жүрген дәўиримизде өмирлик жолдасым республикада автомобиль бойынша биринши қәниге Рахмаджан Тәжетдинов пенен турмыс қурдық. Мен келин болып түскенимде атам, енем, атамыздың анасы-енесиниң енеси, атамыздың жеңгеси, ол да үлкен жаста, еки бийкешимиз бенен бирге жасадық. Олардың кир-қоңы, аўқаты, балаларымыздың күтими, үйдиң кел-кети, ҳәм оқыў, ҳәм жумыс. Барлығына үлгериў аңсат болмады. Шай-суўды ошаққа қайнатып, сыйыр да саўдым, нан да жаптым. Үйимиз оғада қонақшыл еди. Неше адамлар дуз-дәмек болды. Бирден усындай орталыққа түсиўим себепши ме, билмедим, өмир мени мийнеткешликке тәрбиялады. Кеш уйқылап, ерте турып үлгериўге ҳәрекет еттим. Усылайынша қатайып алға талпынып жасаўға әдетлендим. Енемиздиң енеси 105 жаста, енемиз 72 жасында қайтыс болды. Олардан алған алғыс-пәтияларым қабыл болған шығар. Өмиримнен налынбайман. Меҳрибан, Бийбайым апа ақлық келинлерди жумсаў да несип етип атыр. Аллаға шүкир, Назийра, Искандар, Ислам, Рустам, Истамдай ақлықларын бар, бүгинлиги ақлық-шаўлықларымның ортасында бахытлы кемпир апаман, - дейди ол.
Ҳақыйқатында да, инсанды турмыс тәрбиялайды, мийнетте шынықтырады. Лекин, сабырлылық өзиңе тән қәсийет. Өмирдиң ашшы-душшы соққыларына төтепки бериў, шыдаў — бул адамның ерк беккемлигине, сабырлығына пайлы. Усы сынаўлардан өтиўде адамның сабырын сынайды. Демек, инсан өз өмир жолын өзи дөретеди.
Ели-халқының ҳүрметине ерискен Тамара апамыздың мийнетлери де босқа қалмады. Ол 1998-жылы «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген халық билимлендириў хызметкери», 2001-жылы «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен халық билимлендириў хызметкери» ҳүрметли атақларына еристи. Ал, оның алған Ҳүрмет жарлықлары болса есап- сансыз.
Мейли, жумыс бабында болсын, мейли қоңсы-қоба, ағайин-туўғанда болсын, орны төрден болған Тамара апамыз быйыл 80 жасты қарсылап атыр. Рахмаджан аға менен камалға келтирген перзентлери Карим, Ийгилик, Жамийла келинлери Гүлшад, Лалалардан өрбиген ақлық-шаўлықлардың ортасында бахытлы ата-ана.
Оның жүдә әпиўайылығы, мийнеткешлиги, тынымсызлығы менде үлкен тәсир қалдырды. Тамара ападай болыўға умтылған адам ҳеш қашан өмирден утылмайды, деген пикир менен қайттым ҳәм «Көз тиймесин, Тамара апа» деген қыял ойымда жалт етип, елимиздиң сүйикли шайыры И.Юсуповтың «Жақсы адамлар» қосығы ядыма түсти:
Жақсы адамларға жолыққан күни,
Уйқың пүтин болар, ўақтың хош болар,
Кеўлиң көтериңки, илҳам-йош болар,
Жақсы адамларға жолыққан күни.
Б.КАРАМАТДИНОВА,
Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист.