Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:27:19, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ДӘСЛЕПКИ ҚОҢЫРАЎ

Бүгин ерте таңнан жүреклери шәўкилдескен мыңлаған жасларымыз көшелерди толтырып, жазғы демалыстан соң қәдирдан мектебине қарай асықпақта.

Барлық мектеплерде жаңа оқыў жылын басланып, жаңадан-жаңа арзыў нийетлер жетегинде, ул-қызларымыздың кеўиллери сан мың муқамға қулпырып, дәслепки қоңыраў сеслери қуўанышлы жаңламақта.

Мектеп ҳәўлиси. Әсиресе, бир сапқа дизилип мектеп босағасына туң­ғыш қәдемлерин таслап атырған кишкене балалардың қуўанышы, шадлығы өзгеше. Булай деўимниң себеби, дәслепки қоңыраўды қолына услап, ортаны айланып қаққанында кеўлинен нелер өтпеди, дейсиз. Олар бүгин жаңа өмир босағасына қәдем атып, оқыўшылық дәўириниң дәслепки соқпақлары басланбақта. Таныс емес жүзлерди көрип ҳәўлирип жатсынғаны ҳақыйқатлық. Қуўанышлысы, әйне пайытта олардың оқып билим алыўы ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған. 

Пайтахтымыздағы 29-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде де жаңа оқыў жылының басланыўына бағышланған илаж салтанатлы жағдайда болып өтти. Кешени мектеп директоры В.Қудыярова ашты ҳәм жыйналғанларды жаңа оқыў жылы менен қутлықлады. Буннан соң, Қарақалпақстан Республикасы инвестиция сыртқы ҳәм саўда ислери министрлигиниң орынбасары Д.Жолдасов, Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў минис­триниң методисти Б.Ҳамдуллаев ҳәм «Анасай» мпж баслығы З.Баймуратовлар сөзге шығып, мектеп оқыўшыларын ҳәм ата-аналарды жаңа оқыў жылы менен қутлықлап, олардың келешекте ўатанымыз раўажланыўы ушын үлес қосатуғын ел азаматлары болып жетилисиўине өз тилеклерин билдирди.

Бул билим дәргайында ҳәзирги күнде 1000 нан аслам жасларымыз билим алмақта. Оларға 140 муғаллим тәлим-тәрбия бермекте.

— Басланып атырған жаңа оқыў жылында мектеп қушағына туңғыш қәдемин таслап атырған 97 оқыўшы қабылланып, олар қарақалпақ, орыс, қазақ классларына қамтылды. Биз устазлар ҳәм мектебимиз оқыўшылары ушын және бир үлкен жаңалықлардың бири быйылғы оқыў жылында жаңадан 300 орынға мөлшерленген баҳасы 3 миллиард 600 миллион сумлық мектептиң қосымша жаңа имараты тикленип, қурылыс жумыслары жуўмақланды. Ҳәзирги ўақытта материаллық-техникалық базасының тәмийинлениўи алдында тур дейди,-мектеп директоры В.Қудыярова.

Илаж соңында мектепке дәслепки қәдем таслап атырған оқыўшыларға Президент саўғалары тапсырылып, ғәрезсизлик сабақлары басланып кетти.

З.ЕРЕКЕЕВА,

арнаўлы хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF