Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:53:34, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ДОСЛЫҚ» КАНАЛЫ ӘТИРАПЫ ЖАҢАЛАНБАҚТА

Республикамыз пайтахтына бириктирилген Ташкент қаласы ҳәкимлиги тәрепинен ири қурылыслардың әмелге асырылыўы, әтирап-аймақты көклемзарластырыў ҳәм абаданластырыў жумыслары жети жастан жетпис жасқа шекемги ҳәр бир пайтахт турғынын, бәлки, шет ел пуқарасын да итибардан қалдырмаса керек.

6 гектар жер майданды ийелеген дем алыў орайының қурылыс жумыслары 202l-жылдың октябрь айында «Дисковер-инвест» қурылыс компаниясы тәрепинен әмелге асырылып, бүгинги күни жуўмақлаўшы бас­қыш­қа келди. Дем алыў орайы айрықша дизайн ҳәм өзгеше композицияға ийе болып, бул жерде бийиклиги 42 метр болған, 24  кабинадан ибарат айланбалы карусель, музыкалы фонтан, ҳәм басқа да кеўил ашар орынлар ҳәм хал­қымыздың кеўилли дем алыўы ушын бир қатар қолайлылықлар жа­ратыл­ған. Әсиресе, 4 гектарды ийе­леген жасыл майданда әтирапы ҳәр қыйлы шырайлы көринислерди пайда ететуғын орынлар шөлкемлестирилип, айрықша сән берип тур. Биз усы орында болып, шаңарағы менен дем алып, сейил етип жүрген айырым пуқаралардың пикирлери менен де қызықсындық.

— Бул орай еле ашылмаса да, бизлер ҳәр күни кешки пайытлары усы жерде айланып, бала-шағамыз бенен кеўилли дем аламыз. Әлбетте, дәслепки ўақытлары қараўсыз қалған усындай орынлардың әжайып мәс­канға айланыўы бизди қуўандырмақта. Мине, бүгин бул жер нағыз Ташкент болды десем, ҳеш қандай қәтелеспеймен. Бул жерге келсек, кейпиятымыз көтерилип, өзгеше сезимге берилемиз, -дейди Нөкис қаласының турғыны З.Дос­на­зарова.

Және де айтып өтиўимиз керек, орай әтирапындағы көклемзарластырыў ҳәм абаданластырыў жумысларының да сапалы әмелге асырылыўы итибардан шетте емес. Аймағымыздың ықлым-шараятына сай келетуғын Түркия мәмлекетинен алып келинген кустарник нәллери ҳәм шынар  сыяқлы декоратив тереклердиң егилиўи бизди итибардан шетте қалдырмады. Әсиресе, жоллар шетиндеги кус­тарник нәллериниң бир тегис отырғызылыўы әтираптағы қәлеген адамды өзине тартары сөзсиз. Тегис жолақшалар, рәң-бәрең жақтыландырғышлар кешки пайытлары дем алып жүрген адамлар...  Ҳақый­қатында да, инсанларды разы етиў, инсан қәдирин улығлаў, мине, усындай әпиўайы ислерден басланады. Әлбетте, бундай ийгиликли ҳәм қайырлы жумыслар алдағы ўақытлары да пайтахтымызда еле де даўам еттирилип, халқымыздың мазмунлы дем алыўы ушын қолайлылықлар жаратыла береди. Бул дегени, пайтахтымыздың бүгинги жаңаланып, көркейип атырғанының айқын көриниси болып, жақын күнлерде ашылыўы белгиленген бул «Дослық» дем алыў орайы Ғәрезсизлигимиздиң 31 жыллығына әжайып саўға болады.

 

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: «Дослық» дем алыў орайынан көринислер.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF