ПРЕЗИДЕНТ МЕКТЕБИНДЕ ЖАҢА ОҚЫЎ ЖЫЛЫ БАСЛАНДЫ
Нөкис қаласындағы Президент мектебинде жаңа оқыў жылының баслыныўына бағышланған илаж болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа оқыў жылының басланыўы менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басшылығында билимлендириўге қаратылып атырған айрықша итибар нәтийжесинде соңғы жыллары тараўда түпкиликли реформалар әмелге асырылмақта. Журтбасшымыздың басламасы менен елимизде биринши Президент мектебиниң Нөкис қаласында ашылыўы буның айқын дәлийли болып табылады.
Халықаралық талапқа жуўап беретуғын бул мектепти 2021-2022-оқыў жылында 22 оқыўшы табыслы питкерип шыққан болса, олар сырт еллердиң 4 миллион 145 мың 730 АҚШ доллары муғдарындағы грант жеңимпазы болды. Олардан еки оқыўшы АҚШтың Long Island, Arizona, бир оқыўшы Қубла Кореяның KAIST, бир оқыўшы Түркияның Istanbul Technical Universiteti, 18 оқыўшы «Жаңа Өзбекстан» университетлерине оқыўға кириў бахтына миясар болды.
Жаңа оқыў жылында Президент мектебиниң 5-класына 2490 оқыўшы ҳүжжет тапсырған болса, соннан «жүзден жүйрик, мыңнан тулпар» 24 оқыўшы қабыл етилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Президент мектебинде оқыўшыларға жаратылған шараятлар менен танысты. Бул жерде жасларға билим берип атырған сырт елли ҳәм жергиликли муғаллимлер менен сәўбетлести. Жаңа оқыў жылының басланыўы мүнәсибети менен пидайылық көрсетип киятырған бир топар муғаллимлерге саўғалар тапсырды.
Президент мектебинде жаңа оқыў жылы «Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз» сүрени астында «Ғәрезсизлик сабақлары» менен басланды.
Республикамыздың басшысы Кегейли районындағы 19-санлы улыўма билим бериў мектебинде де болып, жәмәәтти ҳәм оқыўшыларды жаңа оқыў жылының басланыўы менен қутлықлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги