Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:45:23, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ДӘСЛЕПКИ ҚОҢЫРАЎ ҚАҒЫЛДЫ

Нөкис қаласындағы 24-санлы улыўма билим бериў мектебинде де  биринши қоңыраў қағылып, жаңа оқыў жылы «Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз» сүрени астында «Ғәрезсизлик сабақлары» менен басланды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа оқыў жылының басланыўы менен қутлықлады.

Биринши классқа қәдем қойған оқыўшыларға Президент саўғасы салтанатлы жағдайда тапсырылды. Сондай-ақ, бир қатар муғаллимлерге «Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириўи ағласы» көкирек белгиси ҳәм мектеп жәмәәтине естелик саўғасы тапсырылды.

Илаж мектеп оқыўшыларының атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF