ТЕБЕРИК АНАҒА «ШУҲРАТ» МЕДАЛЫ ТАПСЫРЫЛДЫ
Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң отыз бир жыллығы алдынан 100 жастан асқан бир топар кексе әўлад ўәкиллери Президентимиздиң пәрманына муўапық «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланды.
Олардың арасында Нөкис қаласындағы Қурылысшы мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Базар апа Бекбергенова да бар. Быйылғы жылы 102 жасты қарсылаған теберик анамыз ул-қызлары, ақлық шаўлықлары менен абадан турмыста жасап атыр.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев байрам алдында анамыздың шаңарағында болып, елимиз ғәрезсизлигиниң 31 жыллық байрамы менен қутлықлады. Оған «Шуҳрат» медалын ҳәм баҳалы саўғалар тапсырды.
Өз гезегинде теберик анамыз кексе әўлад ўәкиллерине көрсетип атырған айрықша итибары ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди. Халқымызға беккем аўызбиршилик, перзентлеримизге бахытлы келешек тиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.