Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:08:39, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖОЛЛАР АБАДАНЛЫҚҚА ЖЕТЕЛЕЙДИ

Көп жыллардан берли Нөкис темиржол станциясының қурылыс мате­риаллары түсирилетуғын майданшасы бүгингидей жумыс қызған мәўритлерди басынан кеширмеген еди десек, ғәлет айтқан болмаспыз. Бүгин пайтахтымызға республикамыздың күншығыс дәрўазасынан қәдем атлаған жолаўшылар, шүй-шүйине қағысқан урда-тут жумысқа жумыла кирискен азаматлардың ғайратына «әлҳәббиз» деўине тийкар бар.

Жасыратуғыны жоқ, жақында ғана республикамызға сапар еткен Президентимиз басламасы менен насаз жолларды сапалы етип асфальтлаўға жаңаша умтылыс басланды. Бир ғана Нөкис қаласындағы тозыўы жеткен ойлы-бәлентли жолларды асфальтлаўдың қолға алыныўы өзгерислердиң басламасына айланды.

Әсиресе, арысландай ыңыранған гиддиман жүк тийеўши техникалардың вагонлардан түсирилген ЩПС қум-щебень араласпасын жүк тасыўшы машиналарға кирпик қағым мәўритте жүклеўи жумыстың өнимдарлығынан хабар береди. Көликлер кузовларына тийелген жүклерин объектлерге жеткериўге асыққан машиналар қуслар кәрўанындай жолға рәўана болмақта. Жумыс­тың қайнағаны соншелли, бас қасыўға мурса жоқ.

— Ҳәр күни темиржол менен күнине 60-70 вагон ЩПС материаллары алып келинбекте. Бул материаллар негизинен Қаратаў карьеринен жүкленип, республикамыздың қала ҳәм ра­йонларындағы жолларға төселип, асфальтлаў ушын пайдаланылмақта, - дейди Нөкис темиржол станциясының баслығы Ғайрат Ембергенов.

Буннан соң жүк түсириў ҳәм ти­йеўде мийнет етип атырған жигитлер тәрепке жол алдық. Техникаларды басқарған жигитлер менен сөйлесиўдиң рети табылмады. Себеби, олар жумыс пенен соншелли бәнт.

— Қурылыс материалларын Қаратаў карьеринен Нөкис қаласына темиржол арқалы жеткериўде «Қаратаў» станциясында бир дана 5 кублық электр менен ислеўши экскаватор хызмет етпекте. Буннан бас­қа қосымша 3 дана экскаватор ҳәм 10 дана жүк тасыў машиналары жумыслардың өнимдарлы болыўына қосентин тийгизбекте. Ал, бул жерде болса, 69 дана қурылыс техникалары ҳәм грейдерлер қатнастырылмақта. Сондай-ақ, 25-60 тонналық жүк тасыйтуғын авто­транспорт­ларымыз бар. Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары бас­қармасында мийнет ететуғын 250ден аслам жолшылар да қол-көмегин тийгизип атыр. Бизиң мақсетимиз, мине, усындай жуўапкершиликли ўазыйпаны қалыўсыз атқарыўды тәми­йинлеў. Ҳәзирги күнде бул қурылыс материаллары республикамыздың аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары аймағындағы жолларды тегислеп, асфальтлаўда пайдаланылмақта, - дейди Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы баслығы Мадат Алламбергенов.

Жоллар — экономикамыздың қаны ҳәм жаны.  Халық хожалығының барлық тараўларына керекли әҳмийетли жүклерди тасыўды жеңиллестириўде олардың атқаратуғын хызмети айрықша. Халқымыздың абат мәканда жасаўында көшелеримиздиң абаданласыўында да атқаратуғын хызмети кем емес. Ҳәзирги күнде Нөкис қаласындағы «Шымбай гүзары», «Әмиўдәрья», «Жаңабазар», «Байтерек», «Қурылысшы», «Қутлы мәкан», «Ботаника бағы», «Аманлық гүзары», «Таслақ», «Айдын жол» мәкан пуқаралар жы­йынларындағы бир қатар көшелердиң асфальтланыўы бүгинги күнниң ҳақыйқаты.

Қурылыс материаллары түсирилип атырған майданшадан шыққан автотранспортлар әл-ҳаўадағы тырналар дизбегиндей сап тартып, жол­ға атланбақта...

Қ.РЕЙМОВ,

өз хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: жумыс пайытынан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF