Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:16:40, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӘЖАЙЫП ТҮСКЕ ЕНГЕН МӘКАН

Көптен берли кеўлиме түйип жүр едим, себеби, аймағымыз турғынлары: — Мәканымыз көшелери асфальтланып, жақтыландыр­ғышлар орнатылып, суў трубалар өзгертилип атыр, - деген гәплерди еситип, өз көзим менен аралап көриўди мақсет еткен едим.

Ким болса да жақсы шараятта жасаўды мақул көреди ғой. Ҳақыйқатында да, жаңа асфальтланған көшелер қараған көзди қуўандырып, шырайы шығып қалыпты. Жақтыландырғышлар қо­йылып, ток бағаналары жаңасына алмастырылған. Көшелерди аралай келе пайтахтымыздағы 18-санлы мектеп қапталына жақын М.Дәрибаев көшеси бойынан жақында қурып питкерилген балалар майданшасына көзим түсти. Кеўиллери гирбиңсиз нәрестелердиң қуўанышын көрип кеўлим шадлыққа бөленди. Ақыры, нәрестелердиң қуўанышы өз алдына-дә! Перзентлериниң қуўанышына аналардың кеўли елжиреп қуўанбай бола ма?!

Сейил етип мен сәҳәр ўақта,

Кирдим бир әжайып бағқа, - деген қатарлар ерксиз есиме түсти.

Балалар майданшасына ақлықларын ойнатыўға алып шыққан Самарқанд көшесиниң турғыны Гүлжамал Қалқоразова менен ушырасып, пикирлерин тыңладым.

— Аймағымыз турғынлары жүдә қуўанышта. Әсиресе, балалар майданшасының қурыл­ғанына ақлықларымыз мәс болып қалды. Бурын «Мега»ға барайық, парк­ке апар, деп қыйылып туратуғын балаларымыз ушын өзимиздиң аймақтан да мүмкиншилик туўылып, ҳәз етип ойнайтуғын болды. Бул жерде көп ойыншықлар бар. Бул бир қуўанышымыз болса, көшелеримиз абаданласып және де қуўаныш үстине қуўаныш болды. Бизлердиң жақсы жасаўымыз ушын итибар қаратып атыр­ған ел басшыларына, қосшыларына алғысымыз шексиз, - дейди ол.

Соның арасында аймақтың мәкан пуқаралар жы­йыны баслығы С.Есбосынова менен ушырастық. Ол қум-щебень араласпасын төсеп атырған жол қурылысшыларының шай-суўын шөлкемлестирип, басы-қасында жүр екен. Оған ҳармасын айтыўдан, гейпаралар усап қағаз ақтарып отырмас­тан, сол жердиң өзинде мәканның абатлығы ушын исленип атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди. Бул оның мәканға бир неше жыллардан берли басшылық етип, шаңарақлардың да, мәкан аймағының да жағдайларын бес бармағындай үйренип алғанлығын айтпай-ақ аңлатып тур.

— Мәканымызда 1298 хожалықта 6670 пуқара жасайды. Аймағымыздың күннен-күнге абаданласып атырған жамалы, оннан қалаберди, Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министри, Президент мәсләҳәтшиси Турсунхан Худайбергеновтың тиккелей өзиниң келип хабар алыўы бизлерге үлкен күш бағышлап, шаршағанымызды да умытып кеттик, - дейди ол мыйығынан күлип.

Биз сөз етип отырған пайтахтымыздағы «Байтерек» мәкан пуқаралар жыйынында жақынның өзинде 8 көше — Маңғыт, Самар­қанд, М.Дәрибаев, Шаҳрисабз, Әдиллик, Бегис, Азатлық, Жаңабазар көшелерине асфальт төселди, тозыўы жеткен суў қубырлары, 27 электр бағаналары жаңасына алмастырылды. Жақтыландырғышлар орнатылды. Бул жумыслар даўам еттирилип, 17 көшеге қум-щебень араласпасы төселип атыр. Және үш көшеге асфальт төселиў ушын жойбарға киргизилди.

Аймақтан балалар майданшасының қурылыўы өз алдына қуўаныш болды. Майданша «Төрткүлагро» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен қурып питкерилди. Сондай-ақ, социаллық жағдайы төмен, кем тәмийинленген шаңарақ­ларға да жәрдем берилмекте. 9-санлы «Әжинияз» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайланған депутат Зоркина Галина Александровна ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў минис­трлиги тәрепинен 6 шаңараққа турақ жайын шиферлаў ушын ҳәр бирине 7 млн. 500 мың сумнан, үш шаңараққа дәри-дәрмақ ушын ҳәр бирине 1 млн. 500 мың сумнан қаржылай жәрдем берилди.

Мине, халқымыз тоқ, пәраўан турмыста жасаса — бул мәҳәлле мақтанышы. Мәмлекетимиз басшысының «Халық разы болып жасаўы ушын барлық имканиятларды жаратыў тийис» деген көрсетпеси бул мәканда әмелге асырылып атыр­ған жумыслар тийкарын көрсетеди.

Б.КАРАМАТДИНОВА. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF