Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:43:24, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖУРТБАСШЫМЫЗ ҚӘДЕМ ҚОЙҒАН АЙМАҚТА...

Инсан қай ўақытта тыныш, өмирине разы болып, ертеңги күнине, келешекке беккем исеним менен жасайды! Әлбетте, жасап атырған орталығында тынышлық-татыўлық орнаған, жасаўы ҳәм мийнет етиўи ушын барлық шараятлар жаратыл­ған болса, турмыс хызметин көрсетиў ҳәм социаллық объектлер үзликсиз ислеп турған болса, ол жерде кеўилсизликлер, қолайсыз жағдайлар жүз бермейди деп ойлаймыз. Керисинше, жасаў ушын шараят жетерли болмаса, машқалалар топланып қалса, жоллар әбигер болса ол жерде кеўилсизликлер, наразылықлар келип шыға береди.

Президентимиз өзиниң хызмет лаўазымына кирискели берли Қарақалпақ­станға тоғыз мәрте (ҳәмме ўәлаяттан көп) келген болса, усы жыл 26-августтағы оныншы сапары бәринен өзгеше болды десек, асыра айтқан болмаймыз. Республикамызда топланып қал­ған маш­қалаларды ҳәр сапары халық пенен мәс­ләҳәтлескен ҳалда шешип, орынланыўын тәмийинлеў ушын 31 пәрман ҳәм қарар қабыл етилген болса, соңғы келгенинде берилген тапсырмалар ҳәм көрсетпелер халықтың жасаў шараятын және де жақсылаў, инфраструктураны раўажландырыў жолындағы айрықша бағдарлама болды. Бул бағдардағы әҳмийетли қарарлар, жол карталары «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында енгизилип атырғаны кең көлемли қурылыс жумыслары, социал-экономикалық реформаларда бой көрсетпекте. Әмелге асырылып атырған абаданластырыў жумыслары мысалында аўыллық жерлердиң, қалалар ҳәм районлар орайлары келбетиниң бурын көрилмеген дәрежеде өзгерип атырғанының гүўасы болмақтамыз. Избе-из турмысқа енгизилип атыр­ған экономикалық реформалар нәтийжесинде исбилерменлер санының 2 есеге артқаны, 13 аймаққа салыстыр­ғанда мәмлекет капиталының сезилерли бөлими Қарақалпақстанға бағдарланып, әйне пайытта 4,5 мың инвестициялық жойбарлардың иске түсирилгени қарақалпақстанлылардың бәнтлигин тәмийинлеўге, турмысын абаданластырыўға хызмет етпекте.

«Жақсыны көрмек саўап» дегениндей, республикамыз ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери жақында пайтахтымыз Нөкис қаласының жоқарыдағыдай ийгиликли жумыслар әмелге асырылып атырған бир қатар мәҳәллелеринде болды.

Журтбасшымыз усы сапарында қәдем қойған пайтахтымыздағы «Әмиўдәрья» мәкан пуқаралар жыйыны (халықтың тили менен айтқанда «Саранча» елаты)нда бүгинги күнде 6 мыңнан зыят түрли миллет ўәкиллеринен ибарат халық жасайды. Бул жердеги 2 санаат кәрханасы, 20 дан аслам саўда ҳәм хызмет көрсетиў шақапшаларында адамлар жумыс пенен бәнт. Жыйында ишки жоллар, тәбийғый газ ҳәм электр тармақлары оңланып, дөгерек-әтирапты абаданластырыў жумыслары даўам етпекте.

— Өзим Ташкент қаласының Жоқары Шыршық районында тураман, ­ дейди асфальт төсейтуғын механизмди басқарып атырған Баўыржан Мырзалиев. — Усындай ийгиликли ислерге үлес қосып атырғанымнан қуўанышлыман. Бизлерге жаратыл­ған шараятлар жүдә жақсы, қала берсе, жергиликли турғынлар оғада кишипейил, миймандос екен...

Ҳақыйқатын айтыў керек, соңғы бир-еки жылда табаны тиймеген адам бул жерге бүгин келсе танымай қалатуғыны турған гәп. Көшелерге сән берип тур­ған мектеп, балалар бақшасы, турмыс хызметин көрсетиў орынларын айтпағанның өзинде ҳәр бир көшеге төселген теп-тегис асфальт жоллар, оларда скейтборд айдап ойнап жүрген кишкенелердиң шоқ күлкиси адам­ға өзгеше заўық бағышлайды.

Пайтахтымыздан шетте жайласқан «Жаңабазар» мәкан пуқаралар жыйыны болса, пүткиллей басқаша түске енген. Жыйында балалар майданшалары, асфальт, пиядалар жоллары салынып, аймақ турғынлары ушын барлық қолайлылықлар жаратылған. Байланыс, электр, газ тармақлары тартылып, жы­йын инфраструктурасы пүткиллей жаңаланған. Пресс-тур қатнасыўшылары жыйындағы «Темиржолшылар» көшесинде болып атырған аймақ тур­ғынлары Рахат Аташев ҳәм Гүлнур Сәрсенбаевалардың имарат тойының үстинен шықты.

— Буннан жети жыл бурын усы жер орынды алғанымызда «ўай-боо, барлығы қумлық екен, бул жерде қалай жасаймыз!» деп екиленгенимизди жасырмаймыз, - дейди Рахаттың анасы Тиллахан апа. — Президентимиздиң, ҳүкиметимиздиң нәзери түссе демде екен, қудайға мың қәтле шүкир, бул жерде әмелге асырылып атырған жумыслар барлық гүманларымызды серпилт­ти. Мине, еки күн болды, көшемиздеги жол ас­фальт­ланды. Буның ушын ҳүрметли Президентимизге, республикамыз басшыларына миннетдаршылығымыз шексиз...

Қулласы, Президентимиздиң бул реттеги сапары Қарақалпақстанды социал-экономикалық раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды жаңа басқыш­қа алып шығатуғынына гүман жоқ. Шаңарақлық бизнес, аграр сектор, санаат ҳәм инфраструктураны тезлетилген пәтлерде раўажландырыў, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламына субси­диялар ажыратыў, әсиресе, билимлендириўдиң сапасын арт­тырыўды тәмийинлеў, жаслар машқалаларын шешиў бағдарында әмелге асырылатуғын жумыслар халқымыздың ертеңги күнге исенимин және де арттырады, деп ойлаймыз.

С.ЖАНИЕВ, арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: жол устасы Баўыржан Мырзалиев.

Ш.Сипатдиновтың түсирген сүўретлери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF