БАЙРАМ АЛДЫ ҚАЙЫРҚОМЛЫҚ ИЛАЖЛАРЫ
Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 31 жыллығы мүнәсибети менен орынларда байрам илажлары даўам етпекте.
Усы илажлар шеңберинде орынларда тийисли тараў басшыларының қатнасыўында бағыўшысын жоғалтқан, кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақлардан хабар алынып, қайырқомлық илажлары да өткерилмекте.
Усындай илажлардың бири Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги тәрепинен Нөкис қаласындағы «Туран» мәкан пуқаралар жыйынында өткерилди.
Тараў басшылары аймақтағы бағыўшысын жоғалтқан, майыплығы болған бир қатар пуқаралардың жағдайынан хабар алып, байрам менен қызғын қутлықлап, оларға министрлик тәрепинен таярланған азық-аўқат өнимлерин тапсырды.
— Шаңарағымыз кем тәмийинленген шаңарақлар есабында турғанлығы ушын тийисли тараў басшылары, мәҳәлле ақсақалы бәрқулла жағдайымыздан хабар алып, жәмдем көрсетип турады. Әсиресе, байрамларда көплеген жәрдемлер көрсетиледи.
Усы байрам алдынан да хабар алып, азық-аўқат өнимлерин бергени ушын миннетдармыз,-дейди мәҳәлле турғыны Г.Нурманова. — Байрамды жақсы күтип алатуғын болдық. Илайым, елимиз тыныш болып, еле де абаданласа бергей!
Орынларда байрам илажлары даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
CҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.