КЕЛЕШЕККЕ ИСЕНИМ ЖӘНЕ ДЕ АРТПАҚТА
— «Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз!» деген терең мазмунлы идеяны өзинде жәмлеген бул байрам халқымыздың жүрегине шексиз қуўаныш сезимлерин бағышламақта.
Ғәрезсизлик жылларында мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар ең жоқары қәдирият — инсан ҳәм оның қәдир-қымбаты менен белгиленип, тыныш ҳәм абадан турмысымызды тәмийинлеўге хызмет етпекте. Соның нәтийжесинде халқымыздың келешекке болған исеними және де беккемленип, елимиздиң келбети менен халқымыздың ой-пикири пүткиллей өзгерип, жаңадан-жаңа табыслар қолға киргизилмекте.
Әсиресе, Президентимиз тәрепинен 2021-2026-жылларда елимизди раўажландырыўдың бес әҳмийетли бағдары бойынша Раўажланыў стратегиясы, Аралбойы регионын ҳәм бир қатар районларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша мәмлекетлик бағдарламалардың қабыл етилиўи ҳәр биримизди еле де дөретиўшилик ислерге руўхландырады.
Усы жылдың биринши ярым жылында районымызда халық хожалығының барлық тараўларында өним ислеп шығарыў көлеми өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өсим тәмийинленди. Экспортқа 3,5 млн. долларлық өнимлер шығарылып, өткен жылға салыстырғанда өсим пәти 115 процентти қурады. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 18-марттағы «2022-2026-жылларда «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларын әмелге асырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында 2022-жылғы «Абат аўыл» бағдарламасына «Ақтуба» ҳәм «Жалпақжап» аўыл пуқаралар жыйынлары аймақлары киргизилди. Қарар тийкарында аўыллық жерлердиң архитектуралық көринисин пүткиллей жақсылаў, аймақларды комплексли раўажландырыў, жол-транспорт инфраструктурасы, инженер-коммуникация тармақлары ҳәм социаллық тараў объектлерин қурыў, оңлаў ҳәм халықтың турмыс мәдениятын арттырыў белгилеп берилген. Быйылғы жылда «Абат аўыл» бағдарламасы тийкарында районымызға республика бюджети қаржылары есабынан 9 млрд. 175 млн. сум, жергиликли бюджет ҳәм оның қосымша дереклери есабынан 4 млрд. 500 млн. сум, тармақ кәрханалары қаржылары есабынан 2 млрд. 118 млн. сум қаржы ажыратылды. Бағдарламаға кирген аймақларда 17,4 км ишки жолларды оңлаў, 11,8 км ишимлик суў тармақларын жаңадан тартыў, 14,3 км элекр тармақларын оңлаў, 4,1 км газ тармақларын қурыў ҳәм оңлаў жумысларын алып барыў, 7 дана газ бөлистириў үскенелерин оңлаў ҳәм телекоммуникация тармақларынан пайдаланыўда халыққа хызмет көрсетиўди жақсылаў мақсетинде 6,0 км оптик талшықлы байланыс тармақларын жаңадан қурыў бағдарламаға киргизилди. Бүгинги күнде халыққа турмыс хызметин көрсетиўди жақсылаў мақсетинде 6 орында турмыс хызметин көрсетиў объектлерин жаңадан қурыў жумыслары алып барылмақта.
Сондай-ақ, Президентимиздиң айрықша тапсырмасына тийкар, Қарақалпақстанның арқа районларын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў ушын Кегейли районына бириктирилген Әндижан ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен де районымыз халқының турмыс шараятын жақсылаў ҳәм және де қолайлықлар жаратыў мақсетинде бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, олар тәрепинен бүгинги күнге шекем 3 орында кооперация ҳәм фабрикаларды шөлкемлестириў арқалы 283 пуқараның бәнтлиги тәмийинленди. 302 пуқараның турақ жайларына оңлаў жумыслары алып барылды. 191 пуқараға 100 млн. сумлық материаллық жәрдемлер көрсетилди.
Мәҳәллелерди абаданластырыў бойынша район көлеминде 21 км аралықтағы көшелер абаданластырылды. 162 шаңараққа суў шығарыўшы қудықлар қазып берилип, 8 км аралықтағы ишимлик суў тармақлары жаңадан тартып берилди. Сондай-ақ, 39 дана түнги жақтыландырыўшы шырақлар орнатылып, 111 дана ески электр бағаналары бетон бағаналарға алмастырылып, электр тәмийнатын жақсылаў жумыслары әмелге асырылды.
Ең әҳмийетли илажлардың бири, ең шетки аймақлардағы оңлаўға мүтәжлиги бар болған ишки жолларды оңлаў, яғный, ишки жолларға қумлы тас араласпасын төсеў жумыслары әмелге асырылып, район бойынша ўәлаяттан бириктирилген районлар тәрепинен жәми 17 км аралықтағы ишки жолларға қумлы тас араласпасы төселип, 2 км аралықтағы пиядалар жолы ҳәм 1 км аралықтағы велосипед жоллары қайта исленди ҳәм 12 орында балалар майданшалары қурылды. Буннан тысқары, социаллық тараў объектлеринен «Халқабад» посёлкасында жаңадан Мәлимлеме-китапхана орайы қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылған болса, 4 аймақта шаңарақлық балалар бақшалары шөлкемлестирилди. Ири көлемли қурылыс жумысларынан 4 мәҳәллениң ҳәкимшилик имаратларын жаңадан қурыў режелестирилген болып, соннан «Жылўан жап» ҳәм «Ақтуба» аўыл пуқаралар жыйынларының имаратлары жаңадан қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.
Усы раўажланыўлар дәўиринде биз қайсы тараўды мысал етип алмайық, мейли ол денсаўлықты сақлаў, мейли билимлендириў тараўы болсын, ҳәр бир қәдемде көзге тасланып атырған реформалар ҳәм жаңаланыўлар халқымыздың турмыс пәраўанлығына хызмет етпекте. Бүгинги күнде мәмлекетимизде көркем өнер ҳәм спортқа берилип атырған үлкен итибар перзентлеримиздиң ҳәр тәреплеме саламат әўлад болып ержетиўи, олардың тек руўхый жақтан ғана емес, ал,физикалық жақтан да күшли раўажланыўына тийкар болмақта. Усының нәтийжесинде районымыздағы билимлендириў тараўы белсендилери, спортшыларымыз мәмлекетимиз бойлап өткерилип атырған ҳәр түрли жарысларда үлкен жетискенликлерге ерисип келмекте. Бул жетискенликлер ҳәм реформалардың ҳәр бири бизге үлкен күш-қуўат бағышлап, еле де нәтийжели жумысларға қарай бағдарлай береди...
Жазып алған: Сағынбай ОРАЗЫМБЕТОВ,
арнаўлы хабаршымыз.
Кегейли районы.
СҮЎРЕТЛЕРДЕ: қурылыс ҳәм абаданластырыў
жумыслары барысынан көринислер.