«ЖАҢАБАЗАР» ЖАҢА ӨМИРГЕ ЖАҢАША ҚӘДЕМ АТПАҚТА
Буннан үш-төрт жыллар алдын Нөкис қаласының шеге қумға тутасқан ҳәзирги «Жаңабазар» мәкан пуқаралар жыйыны аймағы шөлистан жер еди десе исениў қыйын. Бүгин ел басшыларының нәзери түскен елат абаданласыў қушағында.
Ықшам, заманагөй турақ жайлар, социаллық объектлер, мәдений турмыс көрсетиў орынларының имаратлары, көшелердиң бир тегис асфальтланыўы мәканның жаңаланыў қушағында екенлигин дәлиллейди. Мәкан турғынлары бундай унамлы өзгерислерден кеўиллери көтериңки.
Халқымыздың миллийлигин өзине жәмлеген, көрген көздиң жаўын алатуғын қара үйдиң саўлаты алыстан көзге тасланады. Ишиндеги заманагөй тигиў машиналарының тынымсыз еситилип атырған даўыслары көшеден өтип баратырған жолаўшыны гидирмей қоймайды. Пайтахтымыздың шығыс дәрўазасы тәрепинде бой көтерген «Жаңабазар» мәкан пуқаралар жыйынындағы Темиржолшылар көшеси қасында шөлкемлестирилген «Гүлнур-Қоскөл» тигиўшилик цехы жақында жумыс баслағанына қарамастан аймақ турғынларының нәзерине түсти. Жаңалықты көзи менен келип көриўди қәлеўшилердиң аяғы үзилер емес. Кәсип-өнер сондай қүдиретли күшке ийе, бир тәрептен ўақтың мазмунлы өтип, тигип атырған көйлегиңниң тигисиниң жүйи билинбесе кеўлиң шадланады, мийнетиңнен рәҳәтленесең. Ең баслысы, шаңарағыңа киретуғын нобай дәрамат қарап турғызбайды, жигерленип ислеўге ҳәўесиң оянады.
Ҳақыйқатында да, тигиў цехының дизайны әжайып түрде исленген. Отаўда ислеўшилерге қолайлы шараят жаратылған. Жәзийрама жаздың ыссысының лебин қайтаратуғын кондиционер қурылған. Он бармағы ойылған шеберлердиң қол жетпес әрманы саналатуғын он төрт дана заманагөй тигиў машиналары олардың ықтыярында. Қулласы, тоқсан аўыз гәптиң тобықтай түйинин айтқанда, тигиў цехына керекли үскенелер кемиссиз толықтырылыпты.
Тигиў машиналарына жипсиз байланғандай көйлек тигиўге қуныға кирискен шебер тигиўшилердиң шалт ҳәрекетлерин көзиң бирде илсе, бирде илмей қалады. Барлығы да қарыйдарларға тигиўшиликке қоллары епли екенлигин мойынлатқандай. Тигиў цехының баслығы Гүлнур Сәрсенбаева қараўындағы қыз-келиншеклер менен буйыртпаларды дийдиндегидей етип тигиўде көзге түсип жүр.
— Хабарыңыз бар, мәкан пуқаралар жыйынымыз жаңадан бой тиклегенине оншелли көп ўақыт болмады. Сонлықтан да, айырым кемшиликлер болғаны сыр емес. Қоңсыларымыз арасында жумыссыз отырған қыз-келиншеклер менен сөйлесип, қандай кәсип-өнери барлығын анықладық. Тигиўшиликтен хабары бар қыз-келиншеклердиң усынысын еситип, тигиў цехын шөлкемлестириўди нийетлеп, мәкан пуқаралар жыйыны баслығына хабарластық. Қала ҳәкимлиги де бизнес-жобамызды қоллап-қуўатлағаны әрманымыздың иске асыўын тезлестирди. «Мәҳәлле» қоры тәрепинен 14 дана тигиў машинасы алып берилди. Ҳәзирги күнде 15 қыз-келиншек цехымызда жумыс ислеп атыр. Буйыртпашылардың талабына бола кийим-кеншек тигип атырмыз. Халқымыз тойларды жақсы өткериўге тырысады. Улын үйлендирип, қызын узатыў тойларына қурақ көрпеше таярлап бериўге буйыртпалар түсип атыр. Әрманымыз орынланды деп буның менен шекленип қалмаймыз. Жаңа режелер үстинде излениўдемиз. «Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдарламасының арқасында мәканымыз аймағы унамлы тәрепке өзгерди. Үйимиз қасынан тандыр қурып бергенли берли қоңсы-қобаларымыздың нанларын жабыў да аңсатласты. Бул елимиз басшыларының халқымызға деген ғамқорлықларының көриниси деп билемиз. Буның ушын ел басшыларына аймағымыз турғынларының миннетдаршылығы шексиз, - дейди тигиў цехының баслығы Гүлнур Сәрсенбаева.
Аўа, быйылғы жыл «Жаңабазар» МПЖ аймағы турғынлары ушын оғада әўметли ҳәм табыслы келди. Аймақтағы жыллар даўамында қабатланып жыйналып қалған машқалалар избе-из унамлы шешимин таппақта. Кең ҳәм тегис көшелер асфальтланып, геўгимде жарқырап нур таратқан жақтыртқышлар аймаққа жаңаша гөззаллық бағышламақта. Балалар спорт майданшалары кишкенелердиң кеўилли дем алыў орнына айланғанын айтпайсыз ба? Буның барлығы халқымыздың турмысын жақсылаўға тасланған қутлы қәдем десек, ҳасла алжаспаймыз. «Жаңабазар» жаңа өмирге жаңаша қәдем атпақта.
Қ.РЕЙМОВ,
арнаўлы хабаршымыз.
СҮЎРЕТЛЕРДЕ: Бүгинги мәкан аймағынан көринислер.