Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:49:35, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҲЕШ КИМ ӨЗ МҮЛКИНЕН СУД ҚАРАРЫСЫЗ АЙЫРЫЛМАЙДЫ

Усы жылдың 24-август күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мүлк ҳуқықының қол қатылмаслығын исенимли қорғаў, мүлклик қатнасықларға тийкарсыз араласыўға жол қоймаў, жеке меншиктиң капиталласыў дәрежесин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-198-санлы Пәрманы қабыл етилди.

Пәрманға тийкар, мүлк қол қатылмаслығы қорғаўын және де беккемлеў ҳәм жеке меншиктиң капиталласыў дәрежесин арт­тырыўды нәзерде тутыўшы бир қатар жаңа тәртиплер енгизилди. Соның ишинде:

Мүлкке болған ҳуқықты оны жүзеге келтирген ҳүжжетти бийкар етиў арқалы сапластырыў мүмкин емес. Егер ҳүжжет нызамсыз қабыл етилген болса, тек ғана суд тәрепинен ҳақыйқый емес деп табылыўы мүмкин.

Жерден ықтыярлы түрде бас тартыў мүлкдардың нотариал тастыйықланатуғын арзасына тийкар әмелге асырылады. Енди буның ушын ҳәким қарарын қабыл етиў талап етилмейди.

Юридикалық шахс сапластырылғанда оның аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкасына болған ҳуқықлары бийкар етилмейди ҳәм жер мәмлекет резервине қайтарып алынбайды. Усы жерлер сапластырылып атырған юридикалық шахстың шөл­кемлестириўшилерине өтеди.

«Хабеас корпус» инс­титуты шеңберинде сорастырыўшы ҳәм тергеўшиниң мал-мүлкин хатлаў менен байланыслы қарарларын судта көрип шығыў тәртиби енгизилди.

Жеке мүлк ҳуқықын бузғанлығы ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершиликке тартыў ушын тийкар болатуғын жағдайлар белгилеп берилди. Соның ишинде, ендигиден былай жеке мүлк объекти ҳәм ол жайлас­қан аймаққа мүлкдардың руқсатысыз кириў ушын жынайый жуўапкершиликке тартыўға шекем болған шаралар қолланылыўы мүмкин.

Ендигиден былай мүлкдар ямаса оның ўәкили өз мүлкин ҳәр қандай қол қатыўдан ҳуқықты бузыўға сәйкес түрде ҳәм ҳуқық бузылыўының алдын алыў ушын зәрүр ҳәрекетлер шеңберинде ғәрезсиз қорғаў ҳуқықына ийе болады.

Турақ жайға қарата мүлкдар менен ағайиншилик байланысларына ийе болмаған шахсларды усы турақ жайдан турақлы дизимнен шығарыў ушын олардың разылығын алыў талап етилмейди. 

2023-жыл 1-январьдан «Кадастр ҳәм көшпес мүлклерди дизимнен өткериў интеграциялық мәлимлеме системасы» (UZKAD) көшпес мүлкке байланыслы бирден-бир мәлимлеме базасы есапланады. Бунда сис­темадағы мағлыўматлардың ҳақыйқыйлығы ҳәм исенимлилиги мәмлекет тәрепинен кепилленеди.

Егер турақ жай UZKAD системасындағы надурыс мағлыўматларға исенип сатып алынған болса, 3 жылдан кейин сатып алыўшыдан (инсаплы ийелеўши) усы үйди талап етип алыў мүмкин емес. Дәслепки мүлкдарға жеткерилген зыян мәмлекет тәрепинен қапланып, кейин ала айып­керден өндириледи.

Ҳүкимет ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери жанындағы «снос» қорларын Физикалық ҳәм юридикалық шахс­ларға жеткерилген мүлкий зыянларды компенсация етиў бойынша республика ҳәм аймақлық мақсетли қорларға (компенсация қорлары) айландырылды.

-халық ҳәм исбилерменлерге жеткерилген төмендеги зыянлар компенсация қорларынан төлеп бериледи:

-мәмлекетлик уйым, лаўазымлы шахс, атап айт­қанда сорастырыўшы, тергеўши, прокурор ҳәм судтың нызамсыз ҳәрекетлери нәтийжесинде мүлк­дарға жеткерилген, суд қарары менен анықлан­ған зыян;

-көшпес мүлк объектлерине болған ҳуқықлардың мәмлекетлик реестрине нызамсыз ямаса ҳақыйқатқа дурыс келмейтуғын мағлыўматлардың киргизилиўи нәтийжесинде оған исенип ҳәрекет еткен шахс­ларға жеткерилген зыян;

-турақ жай инсаплы ийелеўшиден талап етип алынбаўы нәтийжесинде оның ҳақыйқый ийесине жеткерилген зыян.

Судларда пуқараларға қарата мүлкий даўалар киргизиўде мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилген мәмлекетлик уйымлар саны қысқарттырылады, пуқаралар болса өз мүлкин өзгениң нызамсыз ийелигинен талап етип алыў ҳаққындағы даўалары бо­йынша мәмлекетлик бажыдан азат етиледи.

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигине жоқарыда келтирилген жаңа тәртиплерди нәзерде тутыўшы «Жеке мүлкти қорғаў ҳәм мүлкдарлар ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамның жаңа редакциясын ислеп шығыў ўазыйпасы жүклетилди.

Насиба Қутлымуратова,

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң бас мәсләҳәтшиси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF