Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:19:06, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НУРАНЫЙЛАРДЫҢ ЖАСЛАР МЕНЕН ИСЛЕСИЎИ КЕҢЕЙМЕКТЕ

Нөкис қаласында «Бир нураный он жасқа жуўапкер» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди.

Таңлаўды өткериўден мақсет – ҳәр бир мәҳәлледе «Бир нураный он жасқа жуўапкер» жойбары тийкарында жасларға бириктирилген нураныйларды жәмийетлик жумысларға кеңнен тартыў, олардың жәмийетлик белсендилигин арттырыў, жаслар тәрбиясында кексе әўлад ўәкиллериниң тәжирийбесинен пайдаланыў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў, ажырасыў алдында жас шаңарақларды жарастырыў бойынша белсендилик көрсетип киятырған нураныйларды хошаметлеў ҳәм олардың жумысларын үгит-нәсиятлаў болып есапланады.

Таңлаў үш басқыш бойынша алып барылды.

Биринши шәрти – таныстырыў болып, онда қатнасыўшылар өзи ҳаққында ҳәм өзлери тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы мағлыўматлар берди.

Екиншиси «Жаслар бизиң келешегимиз» шәрти болып, онда қатнасыўшылардың «Бир нураный он жасқа жуўапкер» жойбары шеңберинде әмелге асырылған жумыслары ҳүжжетлерге ҳәм таярланған фотоальбомларға тийкарланып, көрип шығылды.

Ал, үшинши шәрт «Нураныйлар беллесиўи» деп аталып, қатнасыўшылардың өзлерине бириктирилген жәмлеспеген, тәрбиясы аўыр, руўхый жәрдемге мүтәж 10 жас пенен әмелге асырған жумыслары, жаслардың машқалаларына шешим тапқаны ямаса ажырасыў алдында турған шаңарақларды жарастырғаны бойынша қысқаша мағлыўматлар берилип, жумыслары баҳаланды.

Таңлаў жуўмағына бола, Қараөзек районындағы Ата мәкан мәкан пуқаралар жыйынынан Н.Тлеўмуратов биринши орынды ийелеп, таңлаўдың Өзбекстан Республикалық басқышына жоллама алды.

Нөкис районындағы Бақаншақлы аўыл пуқаралар жыйынынан Ҳ.Бердиева екинши, Кегейли районындағы Абат мәкан мәкан пуқаралар жыйынынан Ш.Панаев үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпазларға арнаўлы диплом ҳәм базалық есаплаўдың 12-8-7 есеси муғдарында ақшалай сыйлықлар тапсырылып, илажда көркем өнер шеберлериниң атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF