САПАЛЫ ТУҚЫМ — МОЛ ЗҮРӘӘТ ТИЙКАРЫ
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 12-июльдағы «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып, Инспекцияға аўыл хожалығы егинлери сортларының генетикалық тазалығы ҳәм туқымлық сапасы бойынша тараўда әмелге асырылып атырған жумысларды қадағалаў жүклетилген.
Бүгинги күнде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 12-октябрьдеги қарарына муўапық, «Туқымлық дәнди қабыллаў, таярлаў, дәрилеў, тарқатыў ҳәм сапасын қадағалаў тәртиби ҳаққында»ғы Нызам талаплары тийкарында туқымлық дән таярлаў ҳәм дәрилеў цехларындағы әмелге асырылып атырған жумыслар «Ўзагроинспекция»ның аймақлық бөлимлери тәрепинен күнлик қадағалаўға алынған.
Ҳәзирги күнде бул бағдардағы исленип атырған жумысларды кең жәмийетшиликке таныстырыў мақсетинде жақында «Ўзагроинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы мәлимлеме хызмети тәрепинен «Қарақалпақ дән өнимлери» акционерлик жәмийетине қараслы Нөкис туқым таярлаў цехына ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын пресс-тур шөлкемлестирилди.
Мағлыўмат орнында айтатуғын болсақ, республикамыз аймағында келеси жылдың зүрәәти ушын 59 мың гектар майданларға дән егиў режелестирилген, бул майданлар ушын 14 мың 750 тонна туқымлық дән таярлаў белгиленген. Әйне пайытта 8900 тонна сапалы туқымлық дән таярланды.
— Бүгинги күнге келип, республикамыздағы дән кәрханаларына қараслы Төрткүл, Тақыятас, Қанлыкөл, Шымбай районлары ҳәм Нөкис қаласындағы цехларда туқымлық дәнди дәрилеў жумыслары қызғын алып барылмақта. Атап айтқанда, усы районлардағы цехларға «Агросанаат комплекси хызметлер көрсетиў орайы» мәмлекетлик унитар кәрханасы Қарақалпақстан Республикасы филиалы хызметкерлери шәртнама тийкарында бириктирилген болып, олар цехлардағы тазаланып ҳәм дәриленип атырған дәнлерди ҳәр еки сааттан мәмлекетлик стандарт талаплары тийкарында исленип атырғанлығы бойынша анализ алып барылмақта, - дейди «Ўзагроинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы бас инспекторы И.Бегжанов.
Пресс-тур қатнасыўшылары туқым таярлаў цехында ҳәм лаборатория ханаларында болып, бул жердеги жумыслар барысы менен жақыннан танысты. Әсиресе, дийқанның қолына сапалы дән туқымлардың жетип барыўы ушын оларды дәрилеў ҳәм қалталаў процеси заманагөй үскенелер жәрдеминде әмелге асырылып атырғанлығының гүўасы болдық. Ҳәзирги күнде «Антонина», «Алексеевич», «Краснодар-99», «Әсир», «Земница», «Нәўбәҳәр» сыяқлы бийдай сортлары таярланбақта. Быйылғы жылғы бийдай туқымын таярлаў режеси 3337 тонна болса, соннан усы күнге шекем 2562 тонна бийдай туқымы таярланды.
Пресс-тур қатнасыўшылары қәнигелерден өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
З.ЕРЕКЕЕВА,
арнаўлы хабаршымыз.