Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:17:11, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МАҚСЕТ — ИНСАН ҚӘДИРИН УЛЫҒЛАЎ

Президентимиздиң Қарақалпақстанға бул сапарыҒәрезсизлигимиздиң

31 жыллық байрамы алдынан болды

Мәмлекетимиз басшысы ҳәмийше Қарақалпақстанға жаңа турмыс нәпесин, бахыт-ығбал мақтанышын, абаданшылық руўхын алып келеди. Президентимиз Қарақалапақстан халқы деп қуўанады, усы журттың ертеңи зор болсын деп сүйинеди, ата-аналар, ул-қызларды меҳир менен ардақлайды, ҳәттеки бесиктеги нәрестеси ушын да қайғырады.

Бул ретки сапарында Президентимиз Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз отыз төртинши сессиясына қатнасып, өз сөзинде «Инсан қәдири ушын» ийгиликли принципи тийкарында түпкиликли реформалар Қарақалпақстанның ҳәр бир қала ҳәм районын, аўыл ҳәм қала, ҳәр бир шаңараққа кирип барыўын тәмийинлеў тийкарғы мақсетлерден бири екенин атап өтти.

«Мен Президент сыпатында 6 жыл даўамында басқа аймақларға салыстырғанда ең көп, яғный 9 мәрте усы сақаўатлы жерге келип, бул жердеги ақсақаллар, исбилерменлер, жаслар ўәкиллери менен көплеген сәўбетлесиўлер өткердим. Усы дәўирде Қарақалпақстанды комплексли раўажландырыўға қаратылған 31 пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди. Аймақта исбилерменлик субъектлериниң саны 2 есеге артты, дерлик 4,5 мың инвестициялық жойбарлар иске түсирилди. Тек ғана усы жыл февральдағы сапар шеңберинде аймақты ҳәр тәреплеме раўажландырыў ушын 1,5 триллион сум қаржы ажыраттық» - деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысының баянатын тыңлап, ҳақыйқатында да Өзбекстан ушын Қарақалпақстан халқының тыныш-татыў турмысы, абаданлығы, бахыт-ығбалы баслы мақсет екенин және бир мәрте түсиндим. Әсиресе, соны тән алыў керек, яғный Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын әмелге асырыў, ерисилген жетискенликлерди беккемлеп, түпкиликли реформалар процесслерин жаңа басқышқа көтериў, инсан ҳуқықлары менен мәплерин, оның қәдирин, абырай-мәртебесин жетекши орынға алып шығыў әҳмийетли ўазыйпамызға айланған ҳәзирги ўақытта елимизде тынышлық-татыўлықты сақлаў, мәмлекетимиздиң аймақлық бирлигин ҳәм бөлинбеўин, шегараларымызға қол қатылмаўын тәмийинлеў, миллетлер аралық татыўлықты, диний кеңпейилликти ҳәм аўызбиршиликти беккемлеўге умтылыў көп миллетли хал­қымызды және де бирлестиретуғын, жоқары шеклерге руўҳ­ландыратуғын шексиз күшке айланып бармақта.  

Буны Қарақалпақстанның кейинги жыллардағы социаллық-экономикалық турмысындағы табысларында да көриў мүмкин. Аймақта ишимлик суўы тәмийнаты 40 проценттен 68 процентке, мектепке шекемги билимлендириў менен қамтыў дәрежеси 32 проценттен 76 процентке, халықтың дәраматлары жан басына 2 есеге артыўына ерисилгени атап өтилди.

 2017-2021-жылларда 26 мың 400 турақ жай қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Сондай-ақ, баянатта Қарақалпақстан ҳәм оның социаллық-экономикалық раўажланыўы ушын алып барылып атырған дөретиўшилик жумысларына, тараўларға ажыратылып атырған көлемли қаржыларға қарамастан, елеге шекем ишимлик суўы, ишки жоллар, электр тәмийнаты, жумыссызлық, баҳа сыяқлы мәселелерди шешиўде немқурайдылыққа жол қойылып атырғаны сынға алынды.

Мәмлекет басшысы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы лаўазымына усынылып атырған Орынбаев Аманбай Тлеўбаевичтиң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатларының алдында өзиниң бағдарламасы менен шығып сөйлегенин қоллап-қуўатлады. Талабан өз сөзинде кәмбағаллықты қысқартыў, аграр тараў, санаат ҳәм инфраструктура, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў системаларында жол қойылған кемшиликлерди таллап, оларды орынлаўда Президенттиң жәрдеми зәрүр екенин атап өтти.

Президентимиз бул усынысларды мақуллап, оларды әмелге асырыўға тек ғана Қарақалпақстан ушын пайда салығы, айланба салық, мүлк ҳәм жер салығы ставкаларын 2 есеге қысқартыўға көрсетпе берди.

Пахта ҳәм ғәлле майданларын қысқартып, ҳәр бир шаңараққа 2 гектардан жер ажыратыў, Нөкис қаласында санаат технопаркин ҳәм районларда исбилерменлик зоналарын шөлкемлестириў, жолларды оңлаў, электр, газ ҳәм суў тәмийнатын жақсылаў бойынша ўазыйпалар тапсырылды.

Атап айтқанда, биринши ярым жыллықтың жуўмағы менен жалпы аймақлық өним 103,5 процентке, соның ишинде,  санаат 100,5 процентке, аўыл хожалығы 103,3 про­центке, қурылыс 105,6 про­центке, хызмет көрсетиў 116,2 процентке өсиўи тәмийинленгенин атап өтиў зәрүр.

Аймақлық бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеў арқалы усы жылдың ақырына шекем жоқары экономикалық өсим пәтлерине ерисиў бойынша анық илажлар белгилеп алынған.

 2022-жылы социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыў бағдарламасы көлеминде 169 объектте 771,9  миллиард сум қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылыўы режелестирилген. Буннан, усы жылдың 1-август жағдайына объектлерде 321,6 миллиард сумлық қурылыс жумыслары исленген.

Буннан тысқары, республикамызға алдынан қосымша 348 объектке 450,0 миллиард сум қаржы ажыратылып, соннан усы жылдың 1-августына  объектлерде 183,6 миллард сумлық қурылыс жумыслары исленген. «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламасы шеңберинде 2022-жыл даўамында 253,4 миллиард сумлық 34 аўыл ҳәм мәҳәлледе қурылыс-абаданластырыў жумысларын алып барыў режелестирилген.

Қарақалпақстанлылар Президентимиздиң жанында ийин­лес болып, бул Ўатан пүтин, жалғыз екенин терең түсинген ҳалда, бахытлы келешекке садықлық ҳәм пи­дайылық пенен алға умтылады.

Гүлистан АННАҚЛЫЧЕВА,

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы.

ӨзА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF